Кеше футбол бойынша Европа чемпионатында 3-тур ойынлары өз жуўмағына жетип, онда 1/8 финалға шыққан командалардың атлары толық мәлим болды.
Атап айтатуғын болсақ, өткерилген 2-турдан соң бирдей 3 упай менен оғада кескин жағдайда қалған «E» топарында Бельгия- Украина ҳәм Словакия ҳәм Румыния сайланды командалары арасындағы ойынларда, командалар теңбе-тең ойнап 1 упайдан бөлисип алды.
Әлбетте, бундай жағдайда командалардың қарсыласлар дәрўазасына урған ҳәм өз дәрўазасына киргизген голлары есапқа алынып, Румыния, Бельгия ҳәм Словакия сайланды командалары келеси басқышқа жол алды.
Ал, Украина сайланды командасы болса, 4 упай менен турнирди тәрк етти.
«F» топарында болып өткен Чехия-Түркия ушырасыўында болса, түрклер 1:2 есабында өз қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болды. Сондай-ақ, бул топарда Грузия сайланды командасы ағзалары да Португалия сайланды командасын 2:0 есабында жеңип, өз тарийхында биринши мәрте Европа чемпионатының плей-офф басқышына жолламаны қолға киргизди.
Солай етип, топарларда өткерилген ойынлардан соң, төмендеги командалар келеси басқышқа жол алып, өз-ара шерек финал жолламасы ушын беллесетуғын болды.
- Швейцария – Италия;
- Германия – Дания;
- Англия – Словакия;
- Испания – Грузия;
- Франция – Бельгия;
- Португалия – Словения;
- Румыния – Нидерландия;
- Австрия – Түркия.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы