Халқымыздың  бийтәкирар көркем өнери ҳәм мәдениятын буннан былай да жетилистириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында театр, кино, телевидение ҳәм халық дөретиўшилиги бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы актёрлар ҳәм көркем-өнертаныўшылық тараўында қәнигелерди таярлаўда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының тутқан орны айрықша.

Буннан он еки жыл бурын шөлкемлестирилген бул оқыў дәргайына дәслепки ашылған жылы 25 студент қабылланған болса, ҳәзирги ўақытта 9 тәлим бағдары бойынша 1755 студент билим алмақта. Олардан күндизги бөлимде 878 студент, сыртқы бөлимде 868 магитратурада 9 студент билим алмақта.

Усы жыллар аралығында филиалды бир неше жүзлеген жаслар питкерип шығып, олар халқымыздың мәденияты ҳәм көркем өнерин дүньяға танытыўда жемисли хызмет атқарып келмекте. Олардың арасынан бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артистлер, мәмлекетлик сыйлық ҳәм стипендиялардың ийелери жетилисип шықты.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 3 факультет ҳәм 10 кафедра болып, оларда 64  профессор-оқытыўшылар  студентлерге тәлим-тәрбия бермекте.

Филиал жәмәәти соңғы жыллары сырт елдеги жоқары оқыў орынлары менен өз-ара бирге ислесип келмекте. Атап айтқанда, Россия Федерациясының Сибир мәмлекетлик көркем өнер институты, Қазан мәмлекетлик мәденият институты, Уфа мәмлекетлик көркем өнер институты, Қазақстан Республикасының Тараз мәмлекетлик университети, Яссаўий атындағы Халықаралық Қазақ-Түрк университети ҳәм М.Әўезов атындағы Қубла-Қазақстан университетлери менен өз-ара бирге ислесиў Меморандумларына қол қойылған. Сондай-ақ, 2022-жылы Ташкент қаласында өткерилген “Россия-Өзбекстан мәденият тараўы тәлим форумы” шеңберинде Россия Федерациясының Россия мәмлекетлик театр көркем өнери институты – ГИТИС пенен де 2023-жылда шериклик шәртнамасына қол қойыў бойынша келисимге ерисилген.

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен миллий рейтинг нәтийжелери бойынша Өзбекстанда жумыс алып барып атырған жоқары оқыў орынлары филиаллары рейтингиндеӨзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы рейтинг нәтийжелери бойынша үшинши орын деп табылды.

Усындай жоқары жетискенликлерди қолға киргизип киятырған бул жоқары оқыў орнында 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы салтанатлы жағдайда белгиленди.

Оған республикамыздағы Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында хызмет етип атырған бир қатар хызметкерлер қатнасты

Онда филиал директоры Аманжол Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети баслығы Азамат Ажимуратов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Абдиевлер шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлап, соңғы жыллары Президентимиз ҳәм республика ҳүкимети тәрепинен тараўды раўажландырыў ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша исленип атырған жумыслар туўралы кең түрде сөз етилди.

Байрам кешесинде усы тараўда көп жыллар даўамында жемисли мийнет етип киятырған бир қатар тәжирийбели журналистлер ҳәм операторларға филиалдың “Ҳүрмет жарлықлары” ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.


Өз гезегинде журналистлер де өзлерине билдирилген исеним ҳәм хошамет ушын шөлкемлестириўшилерге рахметлер айтып, миннетдаршылық билдирди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы