Жақсы хабардың қанаты болады дегениндей,  27-июнь Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни қарсаңында Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманына муўапық, «Жаслар ТВ» телеканалы ҳәм «Нөкис ФМ» радиосы директоры Минайым Палўанованың «Дўстлик» ордени менен сыйлықланлығы ҳаққындағы хош хабар журтшылыққа тез тарқалды. Бул жетискенлик ҳәм қуўанышлы демлерде биз тийкарғы кәсиби оқытыўшы болған Минайымның   журналистикаға араласыўы ҳәм бул жолда өмирлик жолдасы, Бахытбек Елманов (марҳум) пенен биргеликте әмелге асырған жумыслары ҳаққында сөз етпекшимиз.

2009-жылы 5-сентябрде  республикамызда биринши мәрте жеке меншик  «Нөкис ФМ» радиоканалы иске түсти. Бул халқымыз ушын үлкен жаңалық болып, тыңлаўшылар тәрепинен жақсы күтип алынды.

-Бул радиоканалды ашыў аңсатқа түспеди. Оның ушын Бахытбектиң көп мийнети сиңди. Баста «Жаңа толқын» деп қоямыз деп жобасын ислеп жүрди, бирақ соң «Нөкис ФМ» деп атаўды мақул көрди,-дейди оның өмирлик жолдасы Минайым. -Радиоканал еле де ертерек ашылыўы керек еди. Лекин, тилекке қарсы техниканың шет елден алып келиниўиндеги болған қыйыншылықлар, бажыханадан өтпей қалыўы себепли питетин ис артқа сүрилип келди. Сонша мийнет, сонша ҳәрекет, сонша қәрежет, техника бәри күйип кетти. Ол усы жағдайдан кейин бәрин ишине салып аўырып та қалды. Лекин, ҳеш қашан сыртқа шығарып билдирмес еди. Тек ғана «Қуда қалесе, бәри жақсы болады» дер еди. Буның менен ол руўхын сындырмады, өзинде күш таўып жойбарды қайтадан қолға алып,  және даўам етти ҳәм үскенелерди автобусқа тийеп, күни-түни дем алмастан алып келди. Сондағы қуўанышын айтпайсыз ба. Ҳәр бир затын әлпешлеп, ҳеш кимге тийдирмей төрги бөлмеге қойдық. Солай етип жаңа радиоканалды ашыў ушын шөлкемлестириў жумысларын баслап жиберди.

Техника   алып келингени менен еле күтип турған жумыслар көп еди. Лицензия мәселеси қыйын болғанлықтан радиоканалды «Камолот» ЖЖҲ қасынан ашты. Радиобаслаўшыларды таңлап алыў ушын кастинг өткерди ҳәм оларды «Водий садоси», «Гранд» радиоканалларына ис  үйрениўи ушын жиберди.  Биринши еситтириўлер РТПЦ да өтти, кишкене бир ханада, соң «Туран» стадионында ижарада турып еситтириўлер алып барды.

Радиоеситтириўлери  баста тек 40 км диапазонға жеткерилген болса, кейин ала радио антенналарды созып, 70 км диапазонда Мойнақ 109 , Қоңырат 101,5  толқынларында иске түсти. 2018-жылы 21-январьда оның және бир үлкен әрманы иске асты. Ол Нөкис ФМ ның қасынан «Жаслар» телеканалын ашты.

-Телеканал ашылып, иске түскен ўақытта оның қуўанышының шеги болмады. Тап өзин егизек перзентлердиң әкесиндей сезинген еди. Эфирден биринши көрсетиў берилгенде екеўимиз ТВның күшин, экранның өзине тартатуғын  басқаша күш екенлигин аңладық,-дейди Минайым.

Ол дүньядан  өткенде, ҳәмме ушын бир сораў турар еди. Оның исин ким даўам еттиреди?- деген сораўдың жуўабы шешимсиз қалмады. Минайым жәмәәттеги жигит-қызлардың  жәрдеми менен өзинде күш таўып, Бахытбектиң исин даўам еттириўге бел байлады.

-Бахытбек  өмирлик жолдасым болыўы менен бирге  устазым да болды. Ол бул дүньядан ерте кететуғынын сезгениндей-ақ,  соңғы гезлери маған  «Нөкис ФМ» ҳәм Жаслар каналын басқарыўым кереклигин көп айтатуғын еди. «Минай сениң қолыңнан келеди, сен ислей аласаң» дер еди ол.  Ол мени усы тараўға бейимлестирип таярлай баслады. Биргеликте көплеген семинар-тренинглерге қатнастық. Ташкенттеги радиостанцияларға барып тәжирийбе үйрендик. Ол бизди таслап кеткенинде қулазыған бир ашық майданда қалғандай болдық. Алты ай дегенде өзиме келгенмен. Себеби мениң алдымда енди жылап сықлап отырыў емес ал, Бахытбектиң сонша мийнет пенен ашып усы дәрежеге әкелип кеткен жумысларын даўам еттириў, жәммәттиң исенимин ақлаў ҳәм   перзентлеримниң тәрбиясына қараў жуўапкершилиги турар еди. Барлық қыйыншылықларды жеңип оның жумысын даўам еттириўди парызым деп қабылладым,-дейди Минайым.

Минайым Палўанова Бердақ атандағы ҚМУда оқытыўшы болып ислеўи менен бирге ҳәзир өмирлик жолдасының исин даўам еттирип, жәмәәт пенен бирге жаңа басламалар үстинде жумыс алып бармақта. Жаңа көрсетиўлер, еситтириўлер таярлаў, жас баслаўшыларды жүзеге шығарыў, тәжирийбели қәнигелер жыйнаў, аппаратуралар алыў, студияны безеў, финансты көтериў қулласы, қандай қыйыншылық болса да бәрине биргеликте ат салыспақта. Нәтийжелер жаман емес. Өзбекстан Баспасөзи ҳәм ғалаба хабар қураллары миллий Ассоциясының «Янги Узбекистон-Янги нигоҳ» миллий медиажойбарына қатнасып, бир неше ноутбук  ҳәм монтаж студиялары менен және ақшалай сыйлықланды. Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген «Озод юрт тулқинлари» фестивалы, «Миллий мийрас» халықаралық форумы, «Uzbekistan Media Award 2021» социаллық медиаматериаллар таңлаўына бағышланған сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда «Жаслар» телеканалы «Ең жақсы күн» көрсетиўи «Ең креатив көрсетиў»   ҳәм журналист Мухтар Умбетов «Ең жақсы радиожурналист»  номинациясы менен  сыйлықланды.

-Тынымсыз мийнетлеримиз өз нәтийжесин бере баслады. Радиоеситтириўлеримиз  пүткил республика бойлап тарқалыўын нийет еткен едик. Бул әрманымыз орынланып,  Беруний ҳәм Тақтакөпир районларына «Нөкис-ФМ» ҳәм «Жаслар ТВ» телеканалы радиостанциялары қурылды,-дейди ол.

Бүгинги күнде Минайымның басламасы менен бир қанша жойбарлар әмелге асырылып келинбекте. Карантин пайытында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша «Жаслар ТВ» телеканалы ҳәм «Мәўрит.уз» сайты менен биргеликте «Китап оқың» акциясы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, «Нөкис-ФМ» радиосы ҳәм «Жаслар ТВ»  телеканалы арқалы жанлы эфирде “Life Nukus FM» жойбарын,  “ Жаслар ТВ” телеканалы арқалы «Сазлы кеш» музыкалы бағдарламасын жанлы эфирге алып шығыўға еристи. 2021-жыл 1-майдан  баслап “JASLAR PARTY”  кеўил ашар концерт бағдарламасын шөлкемлестириўге басшылық етип келмекте. 2023-жылы Қытай Халық республикасында Россия, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында өткерилген «Интервью тур» да қатнасты. 2018-жылы Deutsche Welle ҳәм Журналистика университети  тәрепинен шөлкемлестирилген “Основы Медияменеджмента”, 2019 –жылда Қазақстанда болып өткен Орта Азия журналистлери форумында катнасты. 2023-жылы 12-декабрьде «Өзбекстан Миллий медия Бирлеспесиниң 20 жыллығы» естелик нышаны менен сыйлықланды.

Минайым дөретиўшилик жәмәәти менен биргеликте «қос арыс»тың жүгин тартып, халқымызға хызмет етип келмекте. Биз оның ерискен табысларына оң болсын айтып, дөретиўшилик жолында және де жетискенликлерге ерисиўин  тилеймиз.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги