Пайтахтымыздағы «InterContinental Tashkent» комплексинде 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи болып өтти.

Салтанатлы мәресимде устаз журналистлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ҳәм медиа тараў ўәкиллери, сырт елли ҒХҚ хызметкерлери, республикамызда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қуралларының басшылары, журналистика бағдарындағы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары қатнасты.

«InterContinental Tashkent» комплексиниң фойесинде байрам руўхындағы баннерлер орнатылғаны, китаплар көргизбеси өткерилип атырғаны, ҒХҚ хызметкерлери ушын пресс-холл жумысы жолға қойылғаны итибарға ылайық.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.

Президентимиздиң пәрманына муўапық, мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплерин беккемлеўде белсендилик көрсетип киятырған бир топар журналистлер Ўатанымыздың орден ҳәм медаллары менен сыйлықланды.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева бул сыйлықларды өз ийелерине тапсырды.







Ҳақыйқатында да, бүгинги тез пәт пенен раўажланған дәўирде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаўда журналистлердиң орны барған сайын артып бармақта.

Ҳәзирги ўақытта ғалаба хабар қуралларының еркин ҳәм нәтийжели жумысы ушын зәрүр барлық шараятларды жаратыў бойынша көплеген ибратлы басламалар алға қойылмақта. Бүгинги күнде баспасөз тараўы қорғаныў, қәўипсизлик тараўлары сыяқлы жетекши тараўға айланбақта. Жумыс түрине қарамастан, ғалаба хабар қуралларының жумысы қоллап-қуўатланбақта.

Журналистлердиң еркин ҳәм нәтийжели ислеўи ушын зәрүр болған шараят ҳәм имканиятлар толық жаратып берилмекте.

Мәмлекетимизде шөлкемлестирилип атырған түрли дөретиўшилик таңлаўлар, медиа жойбарлар журналистлердиң пуқаралық позициясын және де күшейтиў, оларды жаңа идеяларға қарай илҳамландырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Салтанатлы илажда миллий журналистика, баспа, китапқумарлық тараўларының раўажланыўына көрсетилип атырған үлкен итибар тараў ўәкиллерин руўхландырыўы менен бирге, оларға және де көбирек жуўапкершилик жүклейтуғыны атап өтилди.

Ҳадал ҳәм жемисли мийнетлери жоқары итибарда екени журналистлерди жаңа шеклерге руўхландыратуғыны атап өтилди.

Усы жерде мәмлекетимизде баспасөз ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларының жумысын жетилистириў, тараў ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеўге айрықша итибар қаратылып киятырғаны айрықша атап өтилди.

– Бүгин мен ушын қос байрам, – деди Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының Наманган ўәлаяты телерадиокомпаниясы директорының орынбасары, «Дўстлик» ордени ийеси Икром Содиқов. – Бабам Исҳақхан Ибрат бириншилерден болып Өзбекстанға баспасөз тараўын алып кирген еди. Бүгин ўәлаятлардағы телерадиоканаллар ең заманагөй техникалық қураллар менен тәмийинленди. Журналистика тараўының раўажланыўы ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдиремиз.

– Бүгин балалар басылымларына көрсетилип атырған итибардан оғада қуўанышлыман, – деди екинши дәрежели «Соғлом авлод учун» ордениниң ийеси, «Гулхан» журналының бас редакторы Заҳро Ҳасанова. – Ҳақыйқатында да, бул сыйлық мен ушын күтилмеген болды. Балалардай бийғубар дүнья ўәкиллерине хызмет етип атырғанымнан қуўанышлыман.

Салтанатлы мәресимде белгили көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен атқарылған қосықлар байрамға өзгеше руўх бағышлады.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы