Тақыятас районы ҳәкимиятында «Төрт сектор ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Оған район ҳәкими Д.Қурбанов, сектор басшылары ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыўда сектор басшылары сөзге шығып, елимизде соңғы жылларда жаслар ушын жаратылып атырған имканиятларға тоқтап  өтти ҳәм жасларды бул имканиятлардан орынлы пайдаланыўға шақырды.

Ушырасыў даўамында жаслар өзлериниң қызықтырған сораўлары ҳәм ушырасып атырған машқалалар бойынша сектор басшыларына мүрәжат жоллады. Бул бойынша мәселелер үйренилип, тийисли жуўмақлар қабыл етилетуғынлығы атап өтилди.


Ушырасыў соңында район турмысында белсендилик көрсеткен бир қатар жаслар миннетдаршылық хаты менен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги