Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-июнь күни әмелий сапар менен мәмлекетимизде болып турған Түркия миллий қорғаныў министри Яшар Гюлер басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдынан Түркия қорғаныў уйымы басшысы Өзбекстан жетекшисине Президент Режеп Таййип Эрдоғанның қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Анқара қаласына 5-6-июнь күнлери әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар даўамында ерисилген келисимлерди есапқа алған ҳалда Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириўдиң тийкарғы мәселелери көрип шығылды.

Әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, атап айтқанда, тығыз уйымлараралық байланысларды беккемлеў, биргеликтеги илажларды шөлкемлестириў, әскерий қәнигелерди таярлаў ҳәм басқа мәселелер додаланды.

Қәўипсизлик тараўында, терроризм, экстремизм ҳәм радикализмге қарсы гүресиўде бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылды.

Регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, атап айтқанда, Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысылды.

ӨзА