Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен тараў хызметкерлери менен ушырасыў болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов  барлық ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлап, олардың мәмлекетимизде сөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў, демократиялық реформаларды әмелге асырыў жолында белсендилик көрсетип киятырғанлығын мақтаныш пенен атап өтти. Глобал мәлимлеме майданында  миллий мәплеримизди қорғаў, елимизде жаңаланыў процесслерин сәўлелендириў, қолға киргизилип атырған табысларды кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, қәнигели кадрларды таярлаў, бүгин мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформаларға қосып атырған үлеси қатарында партияның сиёсий күш сыатында хызмети менен бирге ислесиўдеги хызметлери дыққатқа ылайық екенине айрықша тоқтап өтти.

Мәлимлеме тараўындағы ашық-айдынлық ҳәм еркинликти тәмийинлеў, оны кең жәмийетшиликке жеткериўде ғалаба хабар қураллары айрықша әҳмийетке ийе. Әсиресе раўажланыў ҳәм социаллық турмыс ўақыяларын халыққа жеткериўде телевидение, радио, интернет ҳәм баспасөздиң орны гиреўли.  Соның менен бирге, баспаөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысы аўыр ҳәм жуўапкершиликли болып табылады. Мәмлекетимиз жаңа раўажланыў басқышына көтерилип атырған, ашық айдынлық, сөз ҳәм пикир еркинлиги турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып атырған ҳәзирги ўақытта бул жуўапкершилик және күшеймекте.  Әсиресе байрам алдында тараў хызметкерлери бир топарының сыйлықланыўы тараўға айрықша итибардың үлгиси болды.

Ушырасыў даўамында бир топар журналистлерге партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң  Алғыснамасы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги