Қәдирли дослар!
Бәринен бурын, өзиниң таланты ҳәм шеберлиги, пидәкерлик мийнети менен елимизге аянбай хызмет етип атырған сиз, миллий журналистикамыз жанкүйерлерин, тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ҳүрметли ветеранларымызды 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен жын жүрегимнен қутлықлап, бәршеӊизге жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Бизге белгили, мәлимлеме тараўын еркинлестириў ҳәм раўажландырыў Жаӊа Өзбекстанды қурыў процесинде биз ушын ҳәр қашан әҳмийетли ўазыйпа болып келмекте.
Мәмлекетимиздиӊ жаӊа Конституциясында ғалаба хабар қуралларыныӊ еркин жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли қағыйда ҳәм принциплер беккемленип қойылғаны, тараўға тийисли ҳуқықый тийкарлар раўажландырылып атырғаны бул пикирди анық тастыйықлайды.
Әсиресе, кейинги жыллары мәмлекетимизде сөз еркинлиги ҳәм пикирлердиң ҳәр қыйлылығына ерисиў жолында кеӊ имканиятлар ашылып атырғаны медиа қураллары ўәкиллериниӊ жәмийетлик-сиясий процесслердеги қатнасы, орны ҳәм абырайын және де күшеймекте.
Бүгинги күнде жәмийетимизде ашықлық ҳәм жәриялылықты раўажландырыў, мәмлекетлик уйымлар менен олардыӊ жуўапкер шахсларының жумысына жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, пуқараларымыздыӊ нызамлы мүрәжатлерин үйрениў ҳәм шешиў бойынша сизлердиӊ орныӊыз ҳәм тәсириӊиз барған сайын артып баратырғанын бәршемиз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.
Усы жерде газета ҳәм журналларымыз, теле ҳәм радио каналлар, социаллық тармақларда түрли темалардағы әҳмийетли шығыўлар, машқалалы мәселелер бойынша қәниге ҳәм экспертлер қатнасыўындағы көрсетиў ҳәм еситтириўлер, аналитикалық түсиндириўлер, пикир таласлары сезилерли түрде көбейгенин атап өтиў керек.
Атап айтқанда, қурылыс, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги кемшиликлер, социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы машқалалар бойынша берилип атырған критикалық ҳәм аналитикалық материаллар орынларда мүлгип отырған айырым басшы ҳәм ҳәмелдарларды уйқыдан оятып, жаӊаша ислеп, адамлардыӊ тәшиўиши менен жасаўға мәжбүр етпекте.
Қысқаша айтқанда, жанкүйер ҳәм уллы журналистлеримиз, белсенди блогерлеримиз өзлериниӊ турақлы позициясы, ҳақыйқат сөзи менен турмысымыздағы аўыр машқалаларды шешиў, реформаларымыздыӊ нәтийжесин арттырыў, заманласларымыздыӊ пикирин, дүньяқарасын кеӊейтиўге мүнәсип үлес қоспақта.
Әлбетте, булардыӊ барлығы миллий медиа қуралларымыз «төртинши ҳәкимият» дәрежесине жақынласып баратырғанынан дәрек береди. Соның менен бирге, бундай жоқары шекке жетиў аӊсат емес екенлиги, бул жолда тосық ҳәм қыйыншылықлар болыўы тәбийғый.
Бирақ, қаншелли қыйын болмасын, бул бағдарағы жумысларымызды даўам еттиремиз.
Ҳүрметли дослар!
Бүгинги күнде баспасөз ҳәм журналистлердиң жумысы тек «төртинши ҳәкимият», емес ал қорғаў, қәўипсизлик сыяқлы шешиўши тараўға айланып бармақта.
Бул болса усы бағдарда әйне сизлердей мәрт ҳәм дәўжүрек, Ўатанды шын жүректен сүйетуғын, өз кәсибине садық ҳәм пидайы инсанлар барған сайын көбирек болыўын аӊлатпақта.
Әне, усы талаптан келип шыққан ҳалда, көп тәреплемели профессионал билим ҳәм тәжирийбеге, жоқары руўхый-интеллектуаллық пазыйлетлерге болған заманагөй журналист кадрларды таярлаў буннан былай да әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.
Соның менен бирге, мәлимлеме майданын сапалы ҳәм бәсекилес миллий контент пенен толтырыў мәселеси ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып баратырғаны барлығымыз ушын шын ҳақыйқат болып саналады.
Сол себепли, дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселерди миллий мәплеримизди есапқа алған ҳалда, тез ҳәм тереӊ таллаўлар тийкарында сәўлелендирип барыў жүдә зәрүр, деп ойлайман.
Сондай-ақ, бүгинги күнде жалған ҳәм тийкарсыз мағлыўматларды тарқатыў арқалы адамларды алдаў, дурыс жолдан адастырыў жағдайлары көбейип баратырғаны халықтыӊ медиа саўатлылығын арттырыўды алдымызға кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа етип қоймақта. Мәлимлеме майданында жүзеге келип атырған тартыслар ҳәм машқалалар тек, ҳәм тек нызам шеӊберинде, ҳуқықый нормалар негизинде шешилиўи шәрт.
Сиз, ҳүрметли медиа тармақлары ўәкиллери әне, усындай мәселелерди шешиўде белсене қатнасасыз, деп исенемен.
Әлбетте, тараўда хызмет етип атырған барлық заманласларымыздыӊ нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардыӊ машақатлы мийнетин хошаметлеў мәселелери буннан былай да итибарымыз орайында болады.
Усы қуўанышлы байрамда сизлерди қутлы кәсип байрамыӊыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеӊизге саламатлық, абырайлы жумысыӊызда жаӊа табыс ҳәм әўметлер, шаӊарағыӊызға тынышлық ҳәм қут-берекет тилеймен.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги байрам мүнәсибети менен жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланған ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин шын жүректен қутлықлайман.
Излениў ҳәм илҳам заўықы, жаӊа дөретиўшилик жеӊислер сизлерге ҳәр қашан яр болсын, әзизлер!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти