Өзбекстанның  Москвадағы елшиханасында «Қарақалпақ поэзиясының антологиясы» китабын таныстырыў кешеси  болып өтти. Онда Россия Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси ўәкиллери, Россия жәмийетшилиги ҳәм диаспора белсендилери, шайырлар, әдебиятшы илимпазлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж шеңберинде  елшихана бағында   қарақалпақ халқының қара үйи тигилип, онда халқымыздың үй-руўзыгершилик ҳәм миллий өнерментшилик буйымлары  көргизбеси шөлкемлестирилди.

Илажда сөзге шыққан елши Батыржан Асадов Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы аймақлар аралық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Дипломат сондай-ақ, қарақалпақ поэзиясы тарийхы ҳәм раўажланыў басқышлары ҳаққында сөз етти.

Федерация Кеңесиниң Илим, билимлендириў ҳәм мәденият мәселелери комитети баслығының биринши орынбасары Илёс Умаханов Федерация Кеңеси Өзбекстан Ҳүкиметиниң Қарақалпақстан Республикасына қаратып атырған итибарын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

«Бизиң тыныш емес дүньямызда мәдений-тарийхый өзлигимиз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп-сақлаўға айрықша итибар талап етпекте. Басылым россиялы китапқумарлардың кең аудиториясында қарақалпақ поэзиясы менен жақыннан танысыў имканиятын береди»,-деди ол.

-«Қарақалпақ поэзиясы антологиясы» сыяқлы китаплар рус ҳәм қарақалпақ жазыўшылары арасындағы әдебий байланысларды беккемлеўге хызмет етеди. Мәдений байланыслар халықларымыз арасында дослық ҳәм өз-ара байланыслар көпирлерин қурады,-дейди Қарақалпақстан  Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов.

Алишер Усманов атындағы «Көркем өнер, илим ҳәм спорт» қайырқомлық қоры директорының орынбасары Николай Троцкий «Поэзия-дослық ҳаққында сөйлесе алатуғын таза тил, «Қарақалпақ поэзиясы антологиясы» арқалы болса пүткил дослық ҳаққында сөз етилип атырғанлығы  әжайып»,-деп атап өтти.

Мәлим болыўынша, Қарақалпақстан поэзиясына бағышланған және еки топлам басып шығарылыўы режелестирилген.

Илаждың мәдений бөлиминде қарақалпақ мәденият тараўы  ўәкиллериниң атқарыўындағы қосықлар ҳәм аяқ-ойынлар жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

Соны айтып өтиў орынлы, «Қарақалпақ поэзиясы антологиясы» тек ғана дәстанларды емес, ал жасы үлкенлер, излениўши балалар менен өспиримлерди де өзине қызықтырыўшы аўыз -еки үлгилерин өз ишине алады.

Жаңа китапқа Қарақалпақстан Республикасының әдебий өмиринде әҳмийетли басқыш болған «Қарақалпақ поэзиясы антологиясы» (Ташкент, 1968) ҳәм «Қарақалпақ шайырлары» (Ленинград, 1980) сыяқлы басылымлардан қарақалпақ поэзиясының ең сайланды шығармалары киргизилген. Сондай-ақ, китапта Бердақ, Ибрайым Юсупов сыяқлы қарақалпақ әдебиятының жетик ўәкиллериниң шығармалары орын алған.

Бул жаңа басылым тек ғана Өзбекстандағы емес сондай-ақ,  Россиялы қарақалпақ поэзиясы ықласбентлери ушын әжайып саўға болыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги