Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2024-2025 оқыў жылында 1-курсқа қабыл етилген студент-жасларға гүўалық тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда университет профессор-оқытыўшылары, факультет деканлары, студент-жаслар, олардың ата-аналары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Илажда университет ректоры А.Реймов сөзге шығып, 2024-2025-оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға қабылланып, студент болыў бахытына миясар болған студент-жасларды ҳәм олардың ата-аналарын қутлықлап, бул студентлер келешекте елимиздиң раўажланыўына өз үлесин қосыўы, жетик қәнигелер болып жетилисиўи ушын барлық шараятлар жаратылғанын атап өтти. Соның менен бирге, Президентимиздиң пәрманы бойынша қарақалпақстанлы жасларға көрсетип атырған аталарша ғамқорлығы нәтийжесинде быйылғы жылда да республикамыздың қала ҳәм районлары ушын зәрүр болған маманлықлар санынан ҳәм кадрлардың ишки мүтәжликлеринен келип шығып, 10 мың қосымша квота ажыратылғанлығы, соннан 968 студент Қарақалпақ мәмлекетлик университетине қабыл етилгенлигин айтып, жасларға усындай имканиятларды жаратып берип атырған Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирди.
Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов сөзге шығып, мәмлекетимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырылған жаңа реформалар, сондай-ақ, мәмлекетимиз тәрепинен жасларға берилип атырылған усындай кең мүмкиншиликлерден үнемли пайдаланып, алдағы ўақытлары елимиз тынышлығы, халқымыздың абаданлығы жолында аянбай хызмет ететуғын кадрлар болып жетилисиўине исеним билдирди.
Илажда 1-курсқа қабыл етилген жасларға студентлик гүўалықлары тапсырылды ҳәм университет жәмәәти тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги