Москвада Ғәрезсиз мәмлекетлер Дослық Аўқамына (ҒМДА) ағза мәмлекетлер қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлери басшыларының разведка мәселелери бойынша мәжилиси ашылды.
Россия Федерациясы Сыртқы разведка хызмети баспасөз бюросының атап өткениндей, мәжилисте биргеликтеги жумыслардың нәтийжелери көрип шығылады, ҒМДА мәмлектелери разведка хызметлериниң келешектеги өз-ара бирге ислесиўиниң ўазыйпалары ҳәм тийкарғы бағдарлары додаланады.
Мәжилисте Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан делегациялары қатнаспақта.
Усы жылдың октябрь айында Россия президенти баспасөз хаткери Дмитрий Песков ҒМДАдағы терең потенциалға ийе ҳәм натыныш дәўирлерден исеним менен өтиўге имканият бериўин атап өткен еди,- деп мәлимлеме береди xs.uz. сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги