Себеби енди барлық электрон мағлыўматлар нызамлы тийкарда санлы дәлил болып хызмет етеди.

Санлы технологиялардың раўажланыўы қолайлылық жаратыўы менен бирге, айырым қәўип-қәтерлерге де себеп болмақта. Себеби кибермәканда ғәрезли нийеттеги адамлар да бар.

Ең ашынарлысы, шахсқа байланыслы мағлыўматларды өзлестириў арқалы өзгениң пластик карталарындағы пулларын өзлестириў, есап-санақларға киберҳүжим шөлкемлестириў сыяқлы ҳүқықбузарлықлар менен жынаятлардың саны артып бармақта.

Ҳәрекеттеги процессуал нызамшылық ҳүжжетлеринде электрон дәлиллер түсиниги, олардан пайдаланыў тәртиби ҳәм соның менен байланыслы мәселелер нәзерде  тутылмаған, санлы дәлилерге қандай мағлыўматлар киргизилетуғыны нызамшылықта  белгиленбеген еди.

2024-жыл 21-ноябрьде күшке кирген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине санлы дәлиллер менен ислесиў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  нызам, әне, усы бослықларды толықтырыўға хызмет етеди.

Нызам менен Жынаят-процессуал, Пуқаралық процессуал, Экономикалық процессуал, Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге ҳәм «Нотариат ҳаққында», «Төрешилик судлары ҳаққында», «Суд экспертизасы ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилди.

Соның ишинде, усы  нызамлардан элктрон мағлыўматлар ҳәм санлы дәлиллер түсиниги, санлы дәлиллерди топлаў, усыныс етиў, беккемлеў, көзден өткериў, тексериў ҳәм баҳалаў, оларды сақлаў, қайтарыў ҳәм жоқ етиў тәртиби орын алды.

Нызамға бола, электрон мағлыўматлар – электрон қурылмалардан ҳәм мәлимлеме  системаларынан, сондай-ақ, мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда жаратылатуғын, ислеў берилетуғын ҳәм сақланатуғын мағлыўматлар болып есапланады.

Енди тергеўге шекем тексериўди әмелге асырып атырған уйымның мәпдар шахсы, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд гүўа, жәбирлениўши, гүман етиўши, айыпланыўшы, судланыўшы ҳәм басқа шахслар тәрепинен усыныс етилген мағлыўматларды қәнигениң қатнасыўында қабыл етип алады. Электрон мағлыўматлар бар болған бирлемши электрон бөлеклерди көзден өткереди.

Нызам менен санлы дәлиллер түсиниги да атап өтилген болып, оған бола, ис ушын әҳмийетке ийе болған жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматлар бар болған электрон мағлыўматлар, соның ишинде, электрон түриндеги файллар, аудио ҳәм видеожазыўлар, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында сақланып атырған мағлыўматлар, сондай-ақ, басқа электрон мағлыўматлар санлы дәлил болыўы мүмкин.

Санлы дәлилден көширме нусқа алыўға, болжаў оның бирде екенлиги ҳәм уқсаслығы сақланса ғана жол қойылады. Олар ис материаллары менен бирге сақланады.

Нызамда санлы дәлиллерди алыў, оларды көзден өткериў ҳәм тексериў сыяқлы процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыў менен байланыслы нормалар да белгиленген.

Нызам мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда  жүз берип атырған жынаятларды ашыў имканияты артыўына, тергеў ҳәм әдил судлаў сапасының артыўына хызмет етеди.

Норгул Абдураимова,

ӨзА