Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилисинде Президент Шавкат Мирзиёев күшли бәсеки, әдалат ҳәм ашық-айдынлық руўхында өткен сайлаўлар нәтийжесинде бесинши шақырық Сенаттың қурамы сапа жағынан жоқары дәрежеде қәлиплескенин атап өтти.

Дыққатқа ылайық тәрепи, Сенат ағзаларының дерлик 27 проценти ямаса 16 сы ҳаял-қызлар болып есапланады. Бул болса, шаңарақ, аналық ҳәм балалық, ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, улыўма, социаллық мәселелер бойынша нызамшылық жумысы ҳәм парламент қадағалаўын күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Булар ҳаққында Олий Мажлис Сенатының ағзасы Малика Қодирохонова өз пикирлери менен ортақластыҮ

– Жаңа редакциядағы Конституция тийкарында ықшам қурамда қәлиплескен Сенат жәмийетимиздиң ҳәр қыйлы тараўларында үлкен тәжирийбе ҳәм билимге ийе болған қәнигелерден дүзилди.

Олардың арасында илимпазлар, жәмийетлик-сиясий процесслерде қатнасып атырған белсенди ҳаял-қызлардың бар екенлиги нызамлардың сапасы ҳәм олардың социаллық әҳмийетин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, жергиликли Кеңеслер қурамының  60 процентке жаңаланғаны, атап айтқанда, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар үлесиниң артқаны жергиликли Кеңеслер тәрепинен қарарлар қабыллаў процесине жаңа баслама ҳәм заманагөй қатнасларды алып киреди.

Жаслардың интакерлиги, ҳаял-қызлардың социаллық мәселелердеги белсене қатнасы орынлардағы машқалаларға оператив ҳәм нәтийжели шешим табыў ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Жаңаланған Сенат ҳәм жергиликли кеңеслердиң аўызбиршиликтеги жумысы халықтың исенимин арттырады, демократиялық процесслерди беккемлейди ҳәм мәмлекет басқарыўын жаңа басқышқа алып шығады.

Бизиң ўазыйпамыз – бул имканиятларды нәтийжели иске қосып, халық мәплерин қорғаў ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында өз үлесимизди қосыў болып есапланады.

Н.Абдураимова,

ӨзА