Әмиўдәрья районындағы Қылышбай мәденият орайында “Биз бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!” идеясы тийкарында “Руўхыйлық кәрўаны” жойбары шеңберинде әскерий ўатансүйиўшилик илажы болып өтти.

300 ден аслам жасларды жәмлеген бул фестивальда Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Академиясының офицерлери, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ҳәм район ҳәкимлиги ўәкиллери, сектор басшылары қатнасты.

Илажда әскерий хызметкер болыўды қәлеўши жаслар ушын мәмлекетимизде жумыс ислеп турған әскерий билимлендириў мәкемелери ҳаққында мағлыўматлар берилип, әскерлердиң даңқлы ҳәм жуўапкершиликли кәсибине кеңнен тоқтап өтилип, жаслардың ўатанын ардақлаўшы инсан болып жетилисиўинде, әлбетте, Ўатан қорғаўшыларының хызметлери де үлкен екени атап өтилди.

Бүгин армиямыздың дүнья мәмлекетлери арасында абырайы көтерилмекте. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Академиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Жиззақ ўәлаятларында тәрбиясы аўыр жасларды оқытыў, оларға кәсип-өнер, шет тиллерин үйретиў, саламат турмысқа қайтарыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Илажда ҳүрметли қараўылдың сап тартыўы, шығыўлары, Нөкис гарнизоны әскерий оркестриниң Ўатанды жырлаўшы нама ҳәм қосықлары, шегарашылар тәрепинен миллий армиямыздың жаўынгерлик қүдиретин сәўлелендириўши көргизбелер жасларда үлкен тәсир қалдырды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги