Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде экономика ҳәм қаржы министри Ж.Қўчқоров 2025-жылғы Мәмлекетлик бюджет жойбары ҳаққында мағлыўмат берип, 2025-жылғы салық сиясатында тийкарғы түрдеги салық ставкаларының өзгериссиз қалдырылып атырғанын атап өтти.

Атап айтқанда, пайда салығының базалық ставкасы 15 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 12 процент, социаллық салық 12 процент, айланыстан алынатуғын салықтың базалық ставкасы 4 процент, қосымша қун салығы 12 процент, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық 1,5 процент муғдарында сақланып қалынбақта.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ушын пайдаланылатуғын суў бойынша суў салығының ставкасы 1 куб метр ушын 100 сум муғдарында сақлап қалынбақта.

2025-жыл 1-январьдан фильтрли сигареталарға акциз салығының 10 процентлик адвалор бөлегин бийкар етиў ҳәм ишки базар ушын ставканы 19,7 процентке – 300 мың сумға шекем (әмелде – 250,7 мың сум), импорт етилетуғын сигареталар ушын – 330 мың сумға шекем арттырыў усыныс етилмекте (әмелде – 325 мың сум).

2025-жыл 1-июльден баслап болса импорт етилген ҳәм жергиликли сигарет ушын акциз салығының ставкаларын бирдейлестирип, мың данасы ушын 340 мың сум муғдарында белгилеў усыныс етилмекте.

1-январьдан баслап басқа темеки өнимлерине акциз салығын арттырыў усыныс етилмектеҮ  қурамында никотин болған суйықлықлар (вейплар) ушын дерлик 3 есе – 1 мл ушын 2000 сумға шекем (ҳәзир 670 сум), сигаралар ушын – данасына 20 мың сумға шекем (ҳәзир 6400 сум), қыздырылған темеки ушын – килограммына 450 мың сумға шекем (ҳәзир 382 мың сум), шегилетуғын, орама ҳәм шылым ушын темеки өнимлерине – 1 кг ушын 600 мың сумға шекем (ҳәзир 382 мың сум).

1-январьдан баслап жергиликли алкоголли өнимлер (арақ, коньяк ҳәм басқалар) ушын акциз салығының ставкасы 10 процентке индексацияланып, 1 литр спирт ушын 44 мың сумды (әмелде 40 мың сум) қурайды. Импорт етилетуғын товарлар ушын болса 25 процентке – 101,5 мың сумнан 76 мың сумға шекем азайтылады.

М.Комилова,

ӨзА