Қарақалпақстан делегациясы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириў бойынша шөлкемлестирилген “Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия аймақлараралық бирге ислесиў” биринши форумында қатнаспақта.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң айрықша итибары менен исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, усы тийкарда жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде айрықша итибар тийкарында республикамызда исбилерменлердиң саны артып, жаңадан-жаңа инвестициялық жойбарлар иске түсирилмекте. Өткерилип атырған форум бул бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында жаңа жойбарлар үстинде жақын шерикликти жолға қойыў ҳәм иске түсириўге беккем тийкар болары сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги