Экономика ҳәм қаржы министрлиги халықаралық стандартлар тийкарында бухгалтериялық есап, аудит ҳәм қаржы бойынша тәжирийбели қәнигелерди таярлаў ушын Сертификатланған дипломлы бухгалтерлер халықаралық ассоциациясы  (АССА) менен нәтийжели бирге ислеспекте.

Министрликте АССАның Евраазия ҳәм Жақын Шығыс бойынша портфели басқарыўшысы Куш Ахужаның қатнасыўында өткерилген ушырасыў да, әне, усындай бирге ислесиў даўамы  болып есапланады.

Ушырасыўда бухгалтерлердиң халықаралық сертификатлаў жумысын раўажландырыў перспективалары додаланды.

Ушырасыўда АССА ўәкиллери Өзбекстандағы АССА студентлериниң имтиханнан өтиў көрсеткишлери, жоқары оқыў орынларын аккредитациядан өткериў процеси, жумыс бериўшилер менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм халықаралық  бухгалтерия  есабы ҳәм аудит билимлендириў стандартлары тийкарында  кадрлар таярлаў  системасын жетилистириў бойынша усынысларын атап өтти.

Сондай-ақ, ушырасыў жуўмағында бухгалтерия есабы, аудит ҳәм қаржы тараўларында  жоқары тәжирийбели қәнигелер таярлаўды және де раўажландырыў ҳәм турақлы раўажланыў ушын халықаралық есабат стандартларын енгизиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА