Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Израилдың Өзбекстандағы елшиси Гидеон Лустиг пенен ушырасты. Ушырасыўда министр елшиге раввин Цви Коганның қайтыс болыўы мүнәсибети менен терең қайғырыў менен кеўил билдирди.

«Өзбекстан халқы барлық дин ҳәм миллет ўәкиллерине әзелден дослық қатнаста болып келген. Биз миллетшиликтиң ҳеш қандай көринисине шыдай алмаймыз ҳәм буннан кейин де тақат етпеймиз. Терроризм ҳәм экстремизмниң шегарасы ҳәм миллети жоқ»,-деп атап өтти Бахтиёр  Саидов.

Оның сөзлерине бола, Өзбекстан ҳүкимети тергеў процесслеринде БАӘ ҳәм Израил уйымлары менен тығыз бирге ислеспекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги