Соңғы жыллары мǝмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында жасаў шараяты аўыр шаңарақларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, аўыл ҳәм аймақлар инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде бир қатар унамлы ислер ǝмелге асырылмақта.
Өзбекстан Републикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-август күнги қарары бойынша Шымбай районы Шахтемир мәкан пуқаралар жыйынында көп жыллардан берли ески имаратларында жасап атырған пуқаралар ушын республика бюджети қаржылары есабынан 5 млрд. 680 млн. сум қаржы ажыратылып, Жипек жолы мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қырық қыз» көшеси бойынан 5 қабатлы 30 квартиралы турақ жайдың қурылысы басланған еди.
Жақында өткен жылы басланған усы көп қабатлы имараттың қурылыс жумыслары жуўмақланып, мине бүгин усы турақ жайдың халыққа пайдаланыўға тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда район ҳәкими Айбек Тажетдинов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитети баслығы Шарапат Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппаратының басшысы Жуматдин Идиятуллаев,Өзбекстан мәҳәллелер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы баслығыныӊ орынбасары Мақсет Бабаниязовлар соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында жүз берип атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўларды мақтаныш пенен айтып өтип, халқымызға көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамқорлық ушын республикамыз басшыларына өзлериниң миннетдаршылығын билдирди ҳәм аймақ халқын жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Соңынан илаж қатнасыўшылары тәрепинен имарат алдына тартылған лента салтанатлы жағдайда кесилип, жасы үлкенлер турақ жайда турғынлардың жасаўы ушын жаратылған ишки қолайлықлары менен танысты.
-2023-жылдың декабрь айында қурылыс жумысларын баслаған едик,-дейди «Тағжап жаңа қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Дәрьябай Бахиев.-Жәмийет ағзаларының ўақыт пенен санаспастан мийнет етиўиниң нәтийжесинде имаратты өз мүддетинде сапалы етип питкериўге еристик. Турақ жай 1 ханалы 10, 2 ханалы 10 ҳәм 3 ханалы 10, жәми 30 квартирадан ибарат болып, онда пуқаралар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилген.
Илажда бундай итибардан кеўиллери толған турақ жай ийелери де елимиз басшылары ҳәм қурылысшыларға өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирди.
Бундай ийгиликли ислер республикамыз аймақларында еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы