2025-жыл апрель айында Осака қаласында болып өтетуғын пүткил жер жүзилик көргизбесинде инсанлар пайдаланыўы ушын мөлшерленген кир жуўыў машинасы – human washing machine үскенесиниң презентациясы болып өтеди.
Жасалма интеллект орнатылған бундай арнаўлы ванна биринши мәрте 1970-жылы Японияда болып өткен Жер жүзилик көргизбеде көрсетилген белгили машинаның модернизацияланған версиясы болып есапланады. Жаңа қурылма душ системаларын ислеп шығарыўға қәнигелескен «Science Co» компаниясы тәрепинен ойлап табылған.
«Science Co» директоры Ясуаки Аояма сөзлерине бола, «жуўындырыў процеси» орташа 15 минут даўам етеди. Пайдаланыўшы реактив самолёт кабинасын еслететуғын ашық капсулаға отырады. Арнаўлы система капсуланы жыллы суў менен толтырады, сенсорлар қолайлы температураны тәмийинлеў ушын жүрек урыўы тезлиги ҳәм басқа да көрсеткишлерди өлшейди. Жасалма интеллект болса пайдаланыўшының жағдайын анализлейди ҳәм машинадағы адамның дем алыўы ушын тынышландырыўшы көринислерди экранда көрсетеди.
«Инсанларды жуўындырыў ушын келешек кир жуўыў машинасы» деп аталған үскене Осака денсаўлықты сақлаў павильонынына орнатылады. Көргизбеге келиўшилер оны сынақтан өткериўи мүмкин. Жақын келешекте бул машинадан үй шараятында пайдаланыў ушын ислеп шығарыў режелестирилген. Көргизбе даўамында келиўшилер күнине 7-8 мәрте «кир машинасы»нан пайдаланыўы мүмкин болады.
ӨзА