Пүткил жер жүзилик бокс ассоциациясы (WBA) өзбекстанлы профессионал боксши Шаҳрам Ғиёсовтың чемпионлық беллесиўге шығыўына буйрық берди.

Ҳәзирги ўақытта литвалы боксши Эймантас Станионис ярым ўрта салмақ категориясында WBA чемпионы болып тур ҳәм шөлкем оның чемпионлық белбеўине миннетли даўагер Шаҳрам Ғиёсовқа қарсы беллесиўге түсиўи кереклигин мәлимлеген.

Бирақ, бул бойынша боксшилердиң жәмәәти өз-ара беллесиў сәнеси, мәнзили ҳәм шәртлери бойынша келисип алыўы керек.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Шаҳрам Ғиёсов профессионал боксте 16 мәрте рингке шығып, солардың барлығында жеңиске ерискен.

Ал, литвалы 30 жасар Эймантас Станионис усы күнге шекем профессионал боксте 15 мәрте беллесиў өткерип, олардың бәринде жеңип шыққан.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы