Иран Саўда-санаат, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы палатасы басшылығындағы исбилерменлер топары ўәкиллеринен ибарат делегацияның мәмлекетимизге сапары шеңберинде пайтахтымызда Өзбекстан – Иран бизнес форумы болып өтти.
Сыртқы ислер министрлиги, мәмлекетимиздиң Тегерандағы елшиханасы, Саўда-санаат палатасы, Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Иран тәрепи менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы Даврон Ваҳобов, Иран Саўда-санаат, таў-кән ҳәм аўыл хожалығы палатасы президенти Самад Ҳасанзода, тийисли министрлик ҳәм уйымлар, тармақ бирлеспелери басшылары, сондай-ақ, 200 ден аслам еки мәмлекет исбилерменлери қатнасты.
Әнжуманда санаат, инновация, аўыл ҳәм суў хожалығы, азық-аўқат, балықшылық, қурылыс материаллары, дәри-дармақ ҳәм фармацевтика, тоқымашылық, логистика ҳәм инженерлик тараўларындағы перспективалы жойбарлар додаланды.
Бул илаж мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық байланысты беккемлеў ушын және де кең жол ашатуғынына исенемиз,-деди Даврон Ваҳобов. –Бизнес ўәкиллерин бүгин жаратылған имканияттан үнемли пайдаланып, В2В түриндеги ушырасыўларда белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.
Исбилермен топарлар арасындағы байланысты беккемлеў өз-ара қаржылай ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиў көлемин кеңейтиўдиң шешиўши факторы екени белгили. Усы мәнисте бул мәселе әнжуман күн тәртибиндеги тийкарғы темаға айланғаны тәбийғый болып есапланады.
Самад Ҳасанзода өткен дәўир даўамында еки мәмлекет басшыларының ақыллы сиясаты, жоқары дәрежедеги сапарлары нәтийжесинде саўда-санаат тараўы раўажланғаны, бизнесте саламат бәсекилесиў орталығы қәлиплескени атап өтилди. Иске қосылып атырған ири жойбарларды исбилерменлеримиз табыслы бирге ислесиўдиң нәтийжеси сыпатында атап өтти.
Өзбекстан ҳәм Иран тек ғана экономикалық ҳәм мәдений қатнасықты барған сайын беккемлеп атырған емес, ал көп әсирлик улыўма тарийх ҳәм мәденият пенен байланысқан дос мәмлекетлер,-деди Самад Ҳасанзода. – Қысқа мүддетте өз-ара байланыс улыўма жаңа көринисти пайда етти. Ерисилип атырған жеңислер өз-ара товар айланысы муғдарының өсиўинде де айқын көринеди.
Атап өтилиўинше, 2023-жылы өз-ара саўда 503,4 миллион долларды қурап, экспорт 180,6, импорт 322 миллион долларға тең болған. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде Иран инвестициясының қатнасыўында жумыс жүргизип атырған 268 кәрханадан 121и биргеликтеги, 147 си сырт ел кәрханасы болып табылады.
Илаж щеңберинде ең перспективалы бағдарларды, тийкарғы тармақлар бойынша республикамыздың қаржы потенциалын ҳәм таяр жойбарларды таныстырыў өткерилди. Сырт ел инвестициясын кеңнен тартыў агентлиги ҳәм «Өзтоқымашылықсанаат» бирлеспеси ўәкиллериниң баянатлары тыңланды.
Форум жуўмағында Иран бизнес топарлары ўәкиллери ҳәм Ташкент қаласы исбилерменлери арасында В2В сөйлесиўлери болып өтти.
ӨзА