Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты (МАИИ) қәнигелери 2024-жылдың сентябрь айында Ташкент қаласындағы ири супермарткетлерде 21 атамадағы азық-аўқат өнимлери баҳасының өзгериўин көрип шықты.
Мониторинг нәтийжелери 8 атамадағы өним бойынша минимал баҳалар өткен айдағыға салыстырғанда төменлегенлигин көрсетти.
Солай етип, алманың минимал баҳасы 28,2 процент, помидордики 18,7 процент, капустаники 15,9 процент, лимондики 13,8 процент, гречканики 5,9 процент, таўық гөшиники (филе) 3,1 процент, сары пыяздики 2 процент, қум шекердики 1,6 процент төменлеген.
9 атамадағы өнимниң минимал баҳалары көтерилген. Баҳаның артыўы бойынша картошка жетекши болды. Бул болса мәўсимлик фактор менен байланыслы.
4 атамадағы өнимниң ең төмен баҳалары өзгериссиз қалған. Олардың арасында бийдай уны, гүриш, қызыл гешир ҳәм мәйек.
Мағлыўмат орнында, таллаў 8-август ҳәм 12-сентябрь күнлери өткерилген мониторинг мағлыўматлары тийкарында исленди.
Н.Зиёдуллаева тайёрлади, ӨзА