“Қарақалпақстан” темир жол бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен “Ташкент-Волгоград” жөнелисиндеги поезд бажыхана қадағалаўынан өткерилгенде жолаўшылардың бири буннан 54 жыл бурын исленген бюстти жасырын тәризде алып шығып баратырғанында иркип қалынды.
“Даўыт-ата” шегара бажыхана постында анықланған жағдайда болса автотранспортта республикамыздан шығып баратырған жолаўшы өзи менен 12 дана тарийхый ески буйымларды алып шығып баратырғаны мәлим болды. Атап айтқанда, олардың арасында 1965 ҳәм 1970-жылы бурынғы аўқам дәўиринде қуйылып ислеп шығарылған 2 дана теңге, XX әсирге тийисли барлығы гүмистен исленген 1 дана билезик, 1 дана жүзик, 2 дана чай қасық, ҳаял-қызлардың кийимине тағылатуғын 2 жуп тоға экспертизаның жуўмағы бойынша республикамыздан алып шығыў мүмкин емеслиги атап өтилди. Олардың арасында 4 дана ески қолжазба китап та бар.
Көркем өнер таныўшылардың шешими бойынша бул китаплардың 3 данасы тас баспа усылында XIX әсирде басып шығарылған болып, тийкарынан ислам дининиң тарийхына байланыслы әҳмийетли дәреклер есапланады. Китаплардан және бири XX әсирдиң басларында Ташкент қаласында басылғаны анықланды.
Бажыхана хызметкерлери тәрепинен иркип қалынған бул ески затлар Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейине тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен соңғы 3 жылда 46 бажыхана нызамбузылыўы жағдайында улыўма баҳасы 88 миллион сумлық, тарийхый әҳмийетке ийе 726 дана мәдений байлықлардың бажыхана шегараларынан нызамсыз алып өтилиўиниң алды алынды.
Жоқарыдағы жағдайлар бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги