Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң пәрманы менен Қазақстанның мәмлекетимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.
Сыйлықты дипломатқа, 19-сентябрь күни Өзбекстан сыртқы ислер министри Баҳтиёер Саидов тапсырды.
Атап өтилиўинше, Б.Атамқулов Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын жаңа басқышқа көтериў, сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди әмелий мазмун ҳәм әҳмийетли басламалар менен байытыў, тийкарғы бағдарлардағы қатнасықларды кеңейтиў ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қосқан жеке үлеси, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз халықларының көп әсирлик дослығы ҳәм аўызбиршилигин және де беккемлеў жолындағы үлкен хызметлери ушын сыйлықланды.
Бейбут Атамқулов 2022-жыл 31-октябрь күни Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтиң пәрманы менен Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси етип сайланғанын еслетип өтемиз.
Б. Атамқулов узақ жыллар дипломат сыпатында жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған. Өзбекстанға келгенге шекем болса Қазақстан санаат ҳәм инфраструктураны раўажландырыў министри лаўазымында ислеген,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги