Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде Словакия мәмлекетиниң Павл Шафарик атындағы Университети Инновация ҳәм технологиялар парки илимпазлары менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы аймағында өткерилген Словакия-Өзбекстан халықаралық палеонтологиялық экспедициясы тийкарында жыйналған экспонатлардың «Арал жағалаўында палентологиялық изертлеўлер» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди.
Оның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығының орынбасары Бахыт Нарымбетов, академик Нағмет Айымбетов, Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақстан тәбийғый илимий-изертлеў институтының директоры Светлана Мамбетуллаева, усы институттың геология лабороториясының баслығы, техника илимлериниң докторы Иззет Айымбетовлар соңғы жыллары елимизде илим ҳәм билимлендириўге қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде, елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, республикамызда да көплеген унамлы жумыслардың әмелге асырылып атырғанын, соның ишинде, жоқары оқыў орынлары, илимий институтлардың илимпазлары ҳәм жас илимий излениўшилердиң сырт ел оқыў орынлары менен бирге ислесиўине кең мүмкиншилик жаратылып атырғанын атап өтти. Әсиресе, словакиялы палеонтолог илимпазлар соңғы жыллары алып барып атырған жумысларындың жоқары баҳалап, оларға терең миннетдаршылық билдирди.
Өз гезегинде Словакия-Өзбекстан халықаралық палеонтологиялық экспедициясы ҳәм жойбарының баслығы, словакиялы палеонтолог илимпаз Мартин Кундрат бул жойбарды қоллап-қуўатлап, илимпазларға жәрдем берген Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары ҳүкиметине, бир қатар илимий мәкеме ҳәм шөлкем басшыларына рахмет айтып, бундай бирге ислесиўлер еле де даўам ететуғынлығына беккем исеним билдирип, бөлимге Қарақалпақстан аймағынан буннан 90 млн жыл бурын жасаған сүт емизиўшиниң изи таңбаланған экспонатты саўға етти.
Экспедиция хызметкерлери тәрепинен соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы аймағынан табылған әййемги океан жағалаўларының, Пор дәўирине тийисли 90 млн жыл бурынғы жер қатламы, динозавр ҳәм мамонт сүйеклери, акулалардың тислери, тасбақалар, балықлардың сүйеклери көргизбеге қойылып, бул илаж қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.
Көргизбе Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде бир ҳәпте даўам етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы