Сыртқы билимлендириў түриндеги педагогикалық жумысқа байланыслы билимлендириў бағдарларына тапсырыўда кеминде 5 жыл мийнет стажы талап етиледи. Бул тәртип Мәмлекетлик комиссияныӊ тийисли протоколы менен 2023-2024-оқыў жылынан баслап әмел етип келинбекте ҳәм бул бағдарлардыӊ дизими де тастыйықланған.

Олар төмендегилер:

баслаўыш билимлендириў;

сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;

– музыка билимлендириўи;

– физикалық мәденият;

– технологиялық билимлендириў.

Республикадағы барлық мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлары жоқарыдағы бағдарларға сыртқы билимлендириў ушын абитуриентлерди тек ғана 5 жыллық стажы тийкарында қабыл етиўи мүмкин, деп мәлимлеме береди хс.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги