Фотожурналистика тараўы өз үстинде көбирек излениў ҳәм мийнет етиўди талап етеди. Себеби, фотохабаршының түсирген ҳәр бир кадры артында инсан өмири ҳәм олардың турмысы сәўлеленип, буннан адамлар өзлерине тийисли жуўмақ шығарады.

Республикамызға белгили фотохабаршы Жумабай Жақсымуратовтың сүўретшиликке қызығыўшылығы мектепте оқып жүрген ўақытлары-ақ басланған. Атап айтатуғын болсақ, ол оқыўшылық дәўиринде пединститутта оқыйтуғын шымбайлы бөлеси Нуратдин Өтешовтың студентлерди сүўретке түсиргенин ҳәм плёнканы жуўып, шығарғанын көрип өсти.

Соңынан өзи де ата-анасының жәрдеми менен «Смена» маркалы фотоаппарат сатып алып, оның менен өз досларын, үй-иши ҳәм қоңсы-қобаларын сүўретке түсирип үйренеди. Жумабай ағаның бул уқып ҳәм қызығыўшылығы оның Армия қатарында хызмет еткенинде, буннан кейин «Жеткиншек» газетасында жумыс ислегенинде де қол келди.

-1975-жылы Армиядан келгеннен соң, мени «Жеткиншек» газетасына дәслеп корректор сыпатында жумысқа алды,-дейди ол сол жылларды еске алып.-Бир жылдан соң газетаның сол ўақыттағы фотохабаршысы Карам Оразов басқа газетаға жумысқа өтип кетти ҳәм маған редакторымыз Әбдимурат аға Атажанов «Жумабай енди Карамның орнына өзиң фотохабаршы болып жумыс ислейсең. Мен сырттан адам излеп жүрмеймен,»- деп бул ўазыйпаны маған тапсырды. Әне соннан баслап фотожурналистика тараўында жумыс басладым ҳәм фотохабаршы сыпатында 2016-жылдың 17-октябрине шекем 40 жыл жумыс ислеп, халыққа танылдым. Жумыс ислеў дәўиримде республикамыздың барлық аймақларында болып, ол жерлерде көплеген дослар арттырдым. Буның ушын мен ең дәслеп маған дурыс жол-жоба берген устазларымнан, өзим ислеген «Жеткиншек», «Вести Каракалпакстана» ҳәм «Еркин Қарақалпақстан» газеталарынан мәңгиге миннетдарман.

Ҳақыйқатында да, Жумабай Жақсымуратов жоқарыда аты келтирилген газеталардың фотохабаршысы сыпатында көп жыллар жумыс ислеп, өзиниң дөретиўшилик мийнетлериниң арқасында кең жәмийетшилик арасында үлкен абырайға еристи.

Әйне күнлери болса, ол жетпис жастың желкесине шығып, ҳүрметли дем алыста ақлықларының қызығын жеңгей менен бирге көрип, ғаррылық гәштин сүрмекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы