Республикамыз пуқараларының суд-ҳуқық тараўындағы мүрәжатларына нәтийжели шешим табыўына қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Олий суд баслығының орынбасары  Шуҳрат Палванов басшылығындағы жумысшы топар қатнасында ғалабалық көшпели қабыллаў болды.

Елликқала районында өткерилген қабыллаўда 60 қа шамалас пуқараның пуқаралық, жынаят, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик бағдарындағы мәселелери бойынша  мүрәжатлары тыңланды. Атап айтқанда, 26 мүрәжат бойынша ҳуқықый түсиник берилди. 28 мүрәжат қанаатландырылып, 4 шағым ҳәм арза нызамлы көрип шығыў ушын қабыл етилди.

Қабыллаў даўамында пробация есабында жаза мүддетлерин өтеп атырған пуқаралардың да мүрәжатлары көрип шығылып, районлық ишки ислер бөлими баслығы тәрепинен берилген өтиниш хаты ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды. Онда 24 пуқараның өтелмей қалған жаза мүддети шәртлисине алмастырылды. Еки пуқара ақланды.

Сондай-ақ, 28 мүрәжат сол жердиң өзинде унамлы шешилген болса, айырымлары бойынша түсиник берилди. Орынланыўы мүддет ҳәм қосымша үйрениў талап ететуғын мүрәжатлар жуўапкерлерге берилип, орынланыўы суд басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги