Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ бир топар депутатларыныӊ басламасы менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияттыӊ конституциялық тийкарлары жетилистирилгени мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары ислеп шығылды.

Бул нызам жойбарында төмендегилер нәзерде тутылмақта:

– жергиликли Кеӊеслердиӊ жумысына депутатлар арасынан сайланатуғын Баслық басшылық ететуғыны;

– Халық депутатлары Кеӊеси баслығы өз ўазыйпаларын орынлаў дәўиринде турақлы ҳәм басқа комиссиялар, партия топарлары қурамына кириўи мүмкин емеслиги;

– кеӊеслердиӊ мәжилислеринде ҳәкимниӊ кадитатурасы көрип шығылып атырғанда талабан жергиликли Кеӊес депутатларына аймақты раўажландырыў бағдарламасын усыныўы шәрт екени нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарында Конституциямызда кепилленген нормалар менен бир қатарда “Кеӊес сораўы”, “Кеӊес тексериўи” сыяқлы жаӊа институтлар киргизилмекте. Соныӊ менен бирге, нызам жойбарында Халық депутатлары Кеӊесинде қандай комиссиялар дүзилетуғыны бойынша нормалар анық белгиленбекте.

Усы нызам жойбары үстинде Нызамшылық палатасыныӊ Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитети тәрепинен илимпазлар, қәнигелер, экспертлер, жәмийетшилик ўәкиллери тартылған ҳалда қызғын жумыс алып барылмақта.

Мағлыўмат ушын: Жаӊа редакциядағы Конституцияда халық депутатлары Кеӊесине оныӊ депутатлары арасынан нызамға муўапық сайланатуғын баслық басшылық етиўи ҳәм ўәлаят, район, қала ҳәкими лаўазымын ийелеп турған шахс бир ўақыттыӊ өзинде халық депутатлары Кеӊесиниӊ баслығы лаўазымын ийелеўи мүмкин емеслиги беккемленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги