Сырт ел инвестициясы тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлардың иске қосылыўын, қаржылардың өзлестирилиўин, әмелге асырылған жумыслардың барысын ҳәм машқалаларын орынларға шыққан ҳалда үйрениў, әмелий жәрдем көрсетиў бойынша тийисли министрликлер менен шөлкемлерге, депутатларға ўазыйпалар белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының биринши орынбасары Н.Бердиев тийисли тараў ўәкиллериниң қатнасыўында басқармаға бириктирилген сырт ел инвестициясы тийкарындағы жойбарлардың жағдайын орынларға шыққан ҳалда үйренди.

Дәслеп, жуўапкерлер Нөкис қаласындағы “Coals KS”  ЖШЖда болып, кәрхананың көмир жанылғысы тийкарында ҳәк, газаблок ҳәм дийўал плиталарын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарлары үйренилди.

Бул жойбарлар ушын «Нөкис» еркин экономикалық зонасы аймағынан жәми 8,8 гектар жер майданы ажыратылған болып, бүгинги күнде жеңиллетилген кредит ажыратыў мәселелери шешилмекте. Улыўма баҳасы 33,2 миллион АҚШ долларына тең бул жойбардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 350 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Соң жуўапкерлер “Bunyodkor-meros” ЖШЖ тәрепинен карбонат ангидрид ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбарының әмелге асырылыў барысы менен танысты.

Бүгинги күнде бул жерге барлық зәрүр әсбап-үскенелер Қытай Халық Республикасынан толық алып келинген болып, оларды орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ жуўапкерлер тәрепинен “World of crystal” ЖШЖ тәрепинен заманагөй люстра ҳәм көшени жақтыландырыў үскенелерин ислеп шығарыў жойбарының әмелге асырылыўы барысы да үйренилди. Улыўма баҳасы 20 миллион АҚШ долларын қурайтуғын жойбардың иске түсирилиўиндеги машқалалар үйренилип, олардың шешимин табыў бойынша жуўапкер шөлкемлерге усыныслар берилди.

Үйрениўлер барысында қәнигелердиң пикир-усыныслары тыңланып, жумысларды еле де жеделлестириў бойынша ўазыйпалар келисип алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги