Елликқала районында халқымыздың ырысқы-несийбеси болған бийдай орым-жыйыны ислери шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Агротехникалық қәделер тийкарында алып барылған тәрбия нәтийжесинде атызларда мол зүрәәт топланды. Орым-жыйын жумысларына қатнасатуғын отрядларға қолайлы шараят жаратылып, жетистирилген зүрәәтти сепситпей жыйнап алыўдың барлық илажлары көрилмекте. Қырыққызабад аўылындағы “Бургутқалъа ифтихори”, “Розымбай баба”, Гүлдирсин аўыл пуқаралар жыйынындағы  “Дошқалъа илғори” фермер хожалықларының атызларында болғанымызда буның айқын гүўасы болдық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги