Бажыхана уйымлары тәрепинен товарлардың сыртқы саўда операцияларын әмелге асырыўда исбилерменлик субъектлерине жаратылған шараятлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы жуўапкерлериниң қатнасыўында Қоңырат районында  исбилерменлер менен ашық пикирлесиў болды.

Районда мәмлекетимиздиң арқасындағы Орайлық Азияда бирден-бир түрдеги өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелестирилген ири санат кәрханасы жумыс алып бармақта. Экспортқа қолайлы, импорттың орнын басыўшы химиялық өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, жергиликли шийки затты комплексли қайта ислеўге тартыў, халық хожалығы тармақларының содаға болған талабын қанатландырыў мақсетинде 2006-жылы иске түсирилген “Қоңырат сода заводы” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы бүгинги күни ас дузы, кальцийлестирилген сода, ҳәк, техникалық дуз сыяқлы химия санаатында тийкарғы орынды ийелейтуғын өнимлер ислеп шығарылмақта.

Орайлық Азияда бирден-бир кальцийлестирилген сода ислеп шығарыўшы қоспа кәрхананың жыллық өндирислик қуўаты 200 мың тоннаны қурайды. Ҳәзирги ўақытта 3 гезекте 1900 пуқара турақлы жумыс орны менен тәмийинленген бул кәрхана өз өнимлерин дүнья базарына шығармақта.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығының Қоңырат районы  исбилерменлери менен ашық пикирлесиўи усы кәрханада болып өтти. Илаж даўамында исбилерменлик субъектлерине өнимлердиң экспортын әмелге асырыўда бажыхана уйымлары тәрепинен енгизилген  “Экспорт 3 қәдемде” системасының абзаллықлары, әпиўайыластырылып атырған бажыхана рәсмийлестириўи әмелияты туўралы түсиник берилди. Сондай-ақ, “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң талап ҳәм имканиятларынан район исбилерменлериниң жумыслары мысалынан пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

Республикамыз исбилерменлери тәрепинен жыл басынан берли 2,1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы  8500 тонна өним “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминде бажыхана төлемлеринен азат етилген ҳалда алып кирилген болып, соннан бүгинги күнге шекем 1,2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы 4632 тонна өним қай         та исленип, реэкспорт етилген. Район исбилерменлериниң жумысларын үйрениў барысында жуўапкерлер және бир ири инвестициялық жойбар менен танысты. Елабад посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында “KUNGRAD CARGO IMPEX” ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген “Халықаралық логистика орайы”н шөлкемлестириў жойбарының биринши басқышы иске түскен.

Жуўмақластырып айтқанда, исбилерменлик субъектлерине  орынларда жаратылған имканиятлар менен шараятлар халықтың абаданлығына хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги