Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында, бүгинги күни Қараөзек районы Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў қәрханасының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында тур.

Бул жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде, районда 400 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы белгиленген ҳәм кәрханаға ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар кийимлерин тиге алатуғын қәнигелердиң жумысқа алыныўы белгиленген.

Ҳәзирги ўақытлары кәрханада жумыс ислеўди қәлеўши ҳаял-қызлар «Кәсип-өнер мектеби» нде  60 саатлық бағдарлама бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар исбилерменлик орайы тәрепинен оқыў курсында оқытылып, өз тәжирийбелерин арттырып атыр.

Район ҳаял-қызлары оқыўды тамамлағаннан соң, олар арнаўлы сертификатқа ийе болады ҳәм кәрханаға жолламалар бериледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы