Елликқала районында “Жаслар айлығы” шеңберинде бир қатар руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилмекте.

Атап айтқанда, район орайында Көркем өнер сарайының жазғы имаратында сектор басшыларының жаслар менен ушырасыўы болып өтти. Онда район ҳәкими, 1-сектор басшысы В.Ниязымбетов, районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы, 3-сектор басшысы Қ.Узақбаев, районлық салық инспекциясының баслығы,  4-сектор басшысы Н.Абаев, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Ушырасыўда район жасларының соңғы жыллары түрли тараўларда қолға киргизип киятырған жеңислери мақтаныш пенен сөз етилди. Олардың машқалаларын шешиў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында жаслар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар бойынша секторлардың басшыларына мүрәжат етти. Олардың көпшилиги бәнтлик мәселесинде болып, жумыс пенен тәмийинлеў бойынша тийисли тараўлардың басшыларына тапсырма берилди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынатуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги