Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен  ғабала хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлар ушын республикамызда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде биоөнимлердиң әҳмийетин жақыннан таныстырыў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы пахта атызларында биолабораторияларда жетистирилген биоөнимлерди қолланыў  барысы,  сондай-ақ «Халқабад биофабрика» биолабораториясының жумыс процеси менен танысты.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде жоқары экономикалық нәтийжелиликке ерисиў ҳәм дийқаншылық мәдениятын арттырыў ушын агротехникалық илажларды өз ўақтында кешиктирместен әмелге асырыў,  өсимликлерди зыянкес ҳәм кеселликлерден қорғаўда илимий жақтан үйренилген тәжирийбелерге сүйенген ҳалда жумыс алып барыў бүгинги күнниң талабы есапланады

Ал, өсимлик зыянкес ҳәм кеселликлерине қарсы гүресиўде биологиялық усылдан пайдаланыў сапалы өним жетистириўдиң тийкарғы шәртлеринен саналады.  Бул усылда тәбияттағы энтомофаглардан үнемли пайдаланыў (қырып жибермеў, егинлер арасына энтомофагларды шақырыўшы өсимликлерди егиў), трихограмма, бракон ҳәм алтынкөз сыяклы энтомофагларды биолабораторияларда көбейтип, атызларға шығарыў ҳәм  микроорганизмлер тийкарында жаратылған биопрепаратларды қолланыў илажлары әмелге асырылады.

Биологиялық усылдың абзаллығы сонда, қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын химиялык қураллардан пайдаланбастан көп түрлиликти сақлаў, экосистеманы жақсылаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў арқалы инсанлар саламатлығын қорғайтуғын органикалық, сапалы мол өним жетистириўге ерисиў мүмкин.

Өзбекстан Республикасының “Өсимликлерди қорғаў ҳаққында”ғы Нызамының 4-статьясында да өсимликлерди қорғаў тараўындағы тийкарғы принциплер ретинде, биологиялық усылды қоллаў әҳмийети атап өтилген.

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-январдағы видеоселектор мәжилисинде Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Атап айтқанда, биолабораториялардың хызметин муўапықластырыў ҳәр бир мәҳәлледе өсимликлерди қорғаў хызметлерин жолға қойыў, хожалықларда биоөнимлер жетистириў бойынша тараў хызметкерлерине тапсырмаларды көрсетип өткен еди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 9-ноябрьдеги “Өсимликлерди қорғаў ҳаққында”ғы Нызамына тийкарланып, тәбиятта биофондты раўажландырыў ҳәм зыянкеслер тарқалаўының алдын алыў, оларға қарсы биологиялық гүрес ислерин шөлкемлестириў мақсетинде усы жылдың 10-июнь сәнесинен 10-июль сәнесине шекем “Биологиялық қорғаў бойынша әҳмийетли отыз күнлик” жәрияланды.

Қарақалпақстан Республикасында аўыл хожалығы егинлерининиң зыянкеслерине қарсы гүресте биологиялық усылды кеңнен қолланыў мақсетинде бүгинги күнде районларда 66 биолаборатория хызмет көрсетип келмекте. Соннан 6 биолаборатория Кегейли районында жайласқан. Ҳәзирги күнде усы хожалықларда жетистирилген биоөнимлер егислик майданларға лаборатория хызметкерлери тәрепинен профилактика ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў мақсетинде тарқатылмақта.

2024-жылдың бүгинги күнине шекем республикамыздағы барлық биолабораторияларда жетистирилген биоөнимлер муғдары алтынкөз энтофомагы – 299 млн. дана, трихограмма энтофомагы – 449 кг, ал бракон энтофомагы – 138 млн. дананы қурайды. Бундай илажлардан тийкарғы мақсет, биологиялық усылды кеңнен қолланыў ҳәм тәбиятта биофондты раўажландырыў арқалы органикалық таза ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жетистириўден ибарат.

Илаж қатнасыўшылары бул бағдарда өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги