Жасларды жоқары дәрамат келтиретуғын кәсиплерге үйретиў, жоқары қосымша қун жарататуғын жойбарларды көбейтиў бойынша да үлкен өзгерислер болады.

Буның ушын ҳәр жылы 100 миллион доллар ажыратылады. Инвестиция министрлиги жанындағы Жаслар исбилерменлиги қоры Жаслар агентлигине өткериледи.

Ең көп жумыс орнын жаратқан, пидайы жас исбилерменлер қор кеңесине киреди. Қордың басшысын да усы жаслардың өзи сайлайды.

Қор, жаслардың ең жақсы 500 жойбарын таңлап алады ҳәм оларға “бизнес пакет” етип береди, жойбарды таяр бизнеске айланып, дәрамат келитириўге шекемги барлық процесинде  жәрдемлеседи, базарын табады.

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланып өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде мәлим етилди.

                                                                                                               ӨзА