Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланған видеоселектор мәжилиси ҳәм  жаслар менен сөйлесиў даўам етпекте.

Бүгинги күнде  IT тараўында өзин -өзи бәнт еткен жаслар –фрилансерлер 50 мыңнан асты.

Бундай жасларымыз жылына елиў, жүз, ҳәттеки еки жүз мың долларға шекем экспорт етпекте.

Бирақ, бизде олардың басын бириктиретуғын, машқалаларын тыңлап, ҳуқықларын қорғайтуғын система жоқ екенлиги көрсетип өтилди.

Қосымша қун жаратып, оны экспорт етип атырған бундай жаслар ушын да үлкен имканиятлар есигин ашып бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

                                                                                                                    ӨзА