Елликқала районындағы “Гүлдирсин зиёси” фермер хожалығында бийдайдан босаған майданларға тәкирар егинлер егиўге бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Илажда аўыл хожалығы бөлимлериниң жуўапкер хызметкерлери, фермер хожалықларының баслықлары қатнасты.

Семинарда район ҳәкими В.Ниязымбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бийдайдан босаған майданларға тәкирар егин егиўдиң абзаллықлары, оннан көрилетуғын дәраматқа тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы районда бийдайдан босаған 3 мың 240 гектар майданға тәкирар егилетуғын егинлер фермер хожалықлары ҳәм секторлар кесиминде жайластырып шығылды. Соннан 407 гектарға овощ,  100 гектарға палыз,  150 гектарға майлы егинлер,  1500 гектарға собықлы дән егинлери,  513 гектарға от-жемлик,  30 гектарға тары ҳәм басқада егинлер егиў бойынша реже ислеп шығылғаны атап өтилди. Орым-жыйын жуўмақланған майданларда егисти тез ҳәм қысқа мүддетте жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди. Босаған жер майданлары тийкарынан “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери” дизиминдегилерге ҳәм жумыссыз пуқараларға бериледи.


Семинарда аўыл хожалығында пайдаланылатуғын өнимлердиң көргизбеси шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги