Соңғы жыллары елимизде жасларымыздың спорт пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде, кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда Қараөзек районында да көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып, аймақ жаслары республика ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын ҳәр қыйлы спорт жарысларында жеңимпазлықты қолға киргизип келмекте.

Жақында райондағы 2-сектор аймағына қараслы Қуралпа елатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2020-жыл 30-октябрьдеги 6099-санлы «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў  ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде,  «Workоut» спорт майданшасы қәўендер шөлкемлер тәрепинен қурып питкерилди.

Майданшаның ашылыў салтанатына район  басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими У. Утамбетов, екинши сектор баслығы Б. Аберкулов ҳәм қәўендер шөлкем басшылары шығып сөйлеп, спорт майданшаның ашылыўы менен аймақ халқын қызғын қутлықлады.

Илажда спорт майданшасының қурылысына қәўендерлик еткен шөлкемлерлерге, «БУКА БОКСИНГ» жеке кәрханасына, «ПРО Логистикс Сервис» ЖШЖ ҳәм «АНА» жәмийетлик қоры басшыларына миннетдаршылық билдирилип, район ҳәкимлигиниң хошаметлеўши  саўғалары тапсырылды.

Илаж даўамында аўыл жаслары  арасында викториналық ҳәм спорт ойынлар, супер ертек қаҳарманлары менен биргеликте ойынлар шөлкемлестирилди ҳәм балаларға қәўендер шөлкемлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Спорт майданшасының ашылыў салтанаты саз-сәўбетли концерт бағдарламасына уласып, аўыл халқы район ҳәм қәўендер шөлкем басшыларына кеўиллери толып, өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди ҳәм мийманлар менен биргеликте йошлы концерт бағдарламаларын тамашалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги