Кения, Того, Франция, Япония, Филиппин ҳәм Өзбекстаннан жәми 12 спортшы Арал теңизиниң қурыған  ултаны бойлап 42 километр 195 метрлик марофон аралықты басып өтип,  шенде-шен ушырасатуғын жарысқа қатнасты.

Спортшылар өзлери гүўа болған Арал теңизиниң апатшылығына ҳайран қалысты.

-Арал теңизиниң экологиялық апатшылық көлемин ҳақыйқаттан аңлаў ушын бул жерге келип көриў керек,-дейди жеңил атлетши Куликов.

Өзбекстанда экология министрлиги тәрепинен «Жер жүзилик қурғақшылыққа қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Арал Эко Марофон» деп аталған бул илажда және бир регионның усы әҳмийетли экологиялық машқалаға дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратты. Усындай бағдардағы илажлар көбирек шөлкемлестирилиўи, адамлар Арал теңизи апатшылығы ҳаққында узақтан хабардар болып қоймастан, оны өз көзи менен көриўи керек.

Экология министрлиги Арал теңизи аймағын тиклеў бойынша бир қатар жумысларды алып бармақта. Атап айтқанда, 2018-2022-жылларда 1,6 миллион гектар майданға тереклер егилип, усы жылы Мойнақ районындағы 128 мың майданда жасыл майданлар жаратылды. Экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде Нөкис ҳәм Үргенш қалалары әтирапына жасыл белбеўлер жаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги