Көксарай резиденциясында 24-июнь күни елимизге мәмлекетлик сапарын әмелге асырып атырған Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухты рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Елимизде көплеген халықаралық музыкалық таңлаўлар өткериледи. Бундай илажларда Монголия көркем өнер топарлары белсене қатнасыўшылар қатарына киреди. Олардың даўыслары қулағымызға жат сезилмейди, сөзлерин түсинбесекте, жүрекке жақын аламыз.

Сиясий, саўда-экономикалық байланыслардың беккемлиги, бәринен бурын, мине усындай мәдений жақынлықтан басланады. Еки мәмлекеттеги дослық жәмийетлериниң жедел бирге ислесиўи, исбилерменлик ҳәм халықаралық байланысларды беккемлеўге қаратылған жойбарлар избе-из раўажланып атырғаны қуўанышлы.

Бул мәмлекетлик сапар еки тәреплеме байланысларымыздың раўажланыўына өзине тән пәт бағышлайтуғыны сөзсиз.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Әскерий оркестр еки елдиң мәмлекетлик гимнлерин атқарды.

Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын қутлықлады.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнагийн Хурэлсух еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

Сөйлесиў алдынан Монголия Президенти мәмлекетимиз басшысына Өзбекстанға мәмлекетлик сапар менен келиўге мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған қызғын қабыллаў ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийман ҳәм рәсмий делегацияның барлық ағзаларын қызғын қутлықлап, Монголия Президентиниң дәслепки мәмлекетлик сапары Өзбекстан – Монголия көп тәреплемели қатнасықларды раўажландырыўда жаңа бет ашатуғынын айрықша атап өтеди.

Сөйлесиўлер даўамында мәмлекетлер арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесиндеги байланыслар ҳәм алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артып бармақта. Бүгинги саммитке таярлық шеңберинде өткерилген сиясий мәсләҳәтлесиўлер нәтийжели болды.

Сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық байланысларды беккемлеў, халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў, қәўипсизлик тараўында байланысларды жеделлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Монголия Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын толық қоллап-қуўатлаған биринши мәмлекетлерден болғаны ҳәм тийисли протоколға қол қойылғаны атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды. Жақын жылларда өз-ара саўда көлемин, бәринен бурын, талап жоқары болған өнимлер номенклатурасы ҳәм көлемин кеңейтиў есабынан 5-10 есеге арттырыў ушын потенциал бар екени атап өтилди.

Усы мақсетте ҳүкиметлерге товар алмасыў көлемин арттырыў мәселелери бойынша биргеликте жумысшы топар дүзиў, Улан-Батор ҳәм Ташкентте рәсмий саўда үйлерин ашыў, Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойыўға таярлаў ҳәм базарларға кириў шараятларын өз-ара жеңиллетиў бойынша усыныслар киргизиў тапсырылды.

Буннан тысқары, еки мәмлекет пайтахтларында өз-ара санаат көргизбелерин өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Мәмлекетимиз басшысы орта мүддетли Санаат кооперациясы бағдарламасын қабыллаў басламасы менен шықты. Бирге ислесиўдиң бир қатар бағдарлары анықлап алынды.

Бул, бәринен бурын, геологиялық излеў, шийки зат ресурсларын өзлестириў ҳәм қайта ислеў тараўында бирге ислесиў,  соның ишинде, бул тараўда кадрлар таярлаўды шөлкемлестириў.

Монголиядан гөш ҳәм оны қайта ислеўден алынған өнимлерди импорт етиў, сондай-ақ, Өзбекстаннан таўық гөши, мийўе-овощ ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў бойынша усыныслар таярланды.

«Ҳалал» стандартларына муўапық гөш өнимлерин ислеп шығарыў бойынша кластер шөлкемлестириў ҳәм региондағы мәмлекетлерге экспорт етиў режелери қоллап-қуўатланды.

Бул бағдарларда, соның ишинде, шарўашылық тараўында илимий-изертлеў институтлары арасында бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў кереклиги атап өтилди.

Тәреплер жеке меншик сектор жойбарларын әмелге асырыўға ҳәм бизнес басламаларын алға қойыўға жәрдемлесиўге келисип алды.

Сондай-ақ, ең нәтийжели ҳәм қысқа, соның ишинде, Қырғызстан ҳәм Қытай арқалы өтетуғын транспорт коридорларын биргеликте таллаў усыныс етилди.

Экономикалық күн тәртибиндеги барлық мәселелерди нәтийжели алға қойыў ушын Бас министрдиң орынбасарлары дәрежесиндеги Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериў ҳаққында келисимге ерисилди.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳәм алмасыўларды беккемлеўге де айрықша итибар қаратылды.

Түрли жылларда Өзбекстан жоқары оқыў орынларында билим алған монголиялылар дослық ҳәм бирге ислесиўдиң ҳақыйқый көпири болып атырғаны атап өтилди.

Ең абырайлы университетлер арасында академиялық алмасыўларды жолға қойыў, сондай-ақ, грантлар тийкарында қәбилетли монголиялы студентлерди Өзбекстанда оқытыўды қайта тиклеў бойынша келисимге ерисилди.

Бүгин Ташкентте белгили «Морин Хуур» монғол оркестриниң қатнасыўында көркем өнер шеберлериниң биргеликтеги концерти болып өтеди.

Еки мәмлекет арасында визасыз тәртипти есапқа алған ҳалда, биргеликтеги бағдарламалар ҳәм өнимлер тийкарында туризм алмасыўларын раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, спорт ҳәм жаслар тараўларында бирге ислесиў жолға қойылады.

Сөйлесиўлер жуўмағында ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н таярлаў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы Президент Ухнаагийн Хурэлсухтың нәтийжели сөйлесиўин даўам еттириў ушын Монголияға жуўап сапары менен келиў усынысын қабыллады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың нәтийжели сөйлесиўлери жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Жетекшилер Мәмлекетлераралық қатнасықлар ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Мәмлекетлик сапар даўамында жәми 14 ҳүжжетке қол қойылды, соның ишинде:

– Саўда, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў ҳаққындағы 2024-2026-жылларға мөлшерленген ҳүкиметлераралық бағдарлама;

– Туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим;

– Ҳаўа байланысы ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Халықаралық автомобиль байланысы ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим;

– Сыртқы ислер министрликлери арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

– Қәўипсизлик кеңеслери секретариатлары арасындағы бирге ислесиў ҳаққындағы протокол;

– Аўыл хожалығы министрликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Илимлер академиялары арасындағы илимий бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Миллий мәлимлеме агентликлери арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Саўда-санаат палаталары арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

Биргеликтеги Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында протокол;

– Ташкент ҳәм Улан-Батор қалаларының администрациялары арасында бирге ислесиў ҳаққында келисим.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.

Жетекшилер ашық ҳәм исшең орталықта болып өткен сөйлесиўдиң жемисли нәтийжелеринен қанаатланғанын екенин, әмелий бирге ислесиўдиң барлық тийкарғы бағдарлары ҳәр тәреплеме көрип шығылғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Монголия Президентиниң еки тәреплеме қатнасықлар тарийхындағы биринши сапары Өзбекстан – Монголия дослығын беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыўға болған өз-ара умтылысты тастыйықлайтуғынын болғанын атап өтти.

– Монголия биз ушын Азия регионында дәстүрий ҳәм исенимли бирге ислесиўши болып есапланады. Өзбекстан – Монголия қатнасықлары дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў принциплерине тийкарланған болып, конъюнктураға байланыслы емес, – деди Өзбекстан Президенти.

Мәмлекет басшыларының Самарқанд ҳәм Дубайда болып өткен ушырасыўларынан кейин барлық дәрежедеги байланыслар жеделлести. Системалы сиясий сөйлесиў орнатылды.

Буннан тысқары, товар алмасыў көлеми избе-из өсип бармақта ҳәм жетекши компаниялар менен кәрханалар арасында бирге ислесиў байланыслары жолға қойылмақта. Бүгинги сөйлесиўлер ўақтында жумыслардың жағдайы ҳәр тәреплеме талланды, тийкарғы бағдарлар белгиленди ҳәм кең көлемли бирге ислесиўдиң жаңа күн тәртиби келисип алынды.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық структуралар, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқалар шеңберинде тығыз сөйлесиўлерди ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге келисип алды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Жақын жылларда, биринши гезекте, талап жоқары болған өнимлер номенклатурасы ҳәм көлемин кеңейтиў арқалы товар алмасыў көлемин арттырыў ўазыйпасы қойылды. Еки мәмлекет пайтахтларында саўда үйлерин ашыў ҳәм усы жылы санаат көргизбелерин өткериў режелестирилген.

Мәмлекетлеримиз бир-бирин нәтийжели толықтырыў мүмкин болған тармақларда санаат кооперациясының анық бағдарлары да белгиленди.

Минерал ресурсларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў, Қарақалпақстан, Наманган ўәлаяты ҳәм басқа да аймақларда шарўашылық комплекслерин, гөшти қайта ислеў кластерин шөлкемлестириў, жеңил санаатта жүн ҳәм терини терең қайта ислеў, сондай-ақ, фармацевтика, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да көплеген тараўлардағы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў усылардың қатарына киреди.

Санаат кооперациясын қоллап-қуўатлаў мақсетинде өз-ара инвестицияларды қорғаў ҳәм салыққа тартыў принциплери бойынша тийкарғы келисимлер таярланады ҳәм қабыл етиледи.

Барлық экономикалық мәселелерди нәтийжели шешиў ҳәм жойбарларды жеделлестириў ушын жақын ўақытларда Ташкентте Бас министрлер орынбасарларының басшылығындағы Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлестириў сессиясы болып өтеди.

Мәденият, көркем өнер, билимлендириў, туризм, жаслар ҳәм спорт тараўларында жедел алмасыўларды жолға қойыўға келисип алынды.

Бул бағдарда айрықша бирге ислесиў бағдарламасы таярланып, келеси жылы Ташкент ҳәм Улан-Баторда өз-ара Мәденият күнлери өткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелеринде монголиялы студентлерди оқытыўды қайта жолға қойыўды усыныс еткенин мәлим етти.

Сондай-ақ, мәмлекетлер жеке гүрес спортының дәстүрий түрлерин ғалаба ен жайдырыў, әмелдеги визасыз тәртип шараятта туристлер ағымын арттырыў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў мәселелери бойынша бирге ислеседи.

Келисимлерди әмелге асырыў мақсетинде еки мәмлекет ҳүкиметлерине комплексли «жол картасы»н таярлаў ҳәм оның өз ўақтында орынланыўын қадағалаў тапсырылды.

– Монголия Президентиниң Өзбекстанға биринши мәмлекетлик сапары ҳақылы түрде тарийхый болды ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап берди. Биргеликтеги үлкен жумысларымыздың биринши әмелий нәтийжелерин тез пурсатта көремиз, деп исенемен, – деди Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух еки мәмлекеттиң исбилермен топарларының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Илажда Монголияның MCS Investment, Mongol Basalt, Tavan Bogd Group, Asia Pharma, Khanbogd Cashmere, Erdenezoo Trans, ICT Group, ORDGEO, LBH Technology, NCD Group, Mega Wood, Modern Nomads сыяқлы жетекши компанияларының басшылары қатнасты.

Өзбекстан тәрепинен Basalt Uzbekistan, BMB Holding, New Way Industries, Panaev Farms, Ezel Central Asia, Azia Metall Prof, «Жиззақ жүн», Procab ҳәм басқа да жеке меншик компаниялар қатнасты.

Исбилерменлик байланысларын беккемлеўге қаратылған бундай форматтағы ушырасыў Монголия менен биринши рет өткерилгенин атап өтиў керек.

Өзбекстан Президенти монголиялы жетекши исбилерменлерди ҳәм олардың өзбекстанлы шериклерин қызғын қутлықлап, Монголия Президентиниң Өзбекстанға биринши мәмлекетлик сапары еки тәреплеме бирге ислесиў тарийхында айрықша әҳмийетке ийе екенлигин және бир мәрте айрықша атап өтти.

– Бул сизиң Өзбекстан менен саўда-экономикалық байланысларды жолға қойыў ҳәм беккемлеўге қаратылған исенимли умтылысыңызды ҳәм айрықша итибарыңызды және бир мәрте тастыйықлайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Болып өткен мазмунлы ҳәм конструктивлик сөйлесиўлер даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық жақлары ҳәр тәреплеме көрип шығылғаны, резервлер талланғаны ҳәм жаңа өсиў ноқатларының анықланғаны атап өтилди.

– Биз бар потенциал ҳәм имканиятлардан дерлик пайдаланбай атырғанымызды атап өттик. Усы мүнәсибет пенен жақын жылларда өз-ара саўданы, бәринен бурын, өтимли өнимлер номенклатурасы ҳәм көлемин кеңейтиў арқалы есесине арттырыў ўазыйпасын қойдық, – деди Өзбекстан Президенти.

Булар – Монголияға азық-аўқат, төгинлер, дәри-дәрмақлар, турмыслық техника, пластмасса ҳәм резина, қурылыс материаллары, таяр тоқымашылық ҳәм аяқ-кийим өнимлерин экспорт етиў, сондай-ақ, елимизге гөш ҳәм гөш өнимлери, тери, жүн ҳәм басқа да таяр өнимлерди импорт етиў.

Мәмлекетимиз басшысы монғол компаниялары менен санаат кооперациясын раўажландырыўға айрықша итибар қаратты.

Еки мәмлекет экономикасының бир-бирин нәтийжели толықтырыўға уқыплы тараўларында орта мүддетли кооперация бағдарламасын қабыл етиў бойынша келисимге ерисилгени атап өтилди.

Бул, биринши гезекте, геологиялық излеў, бай шийки зат ресурсларын өзлестириў ҳәм қайта ислеў тараўларында бирге ислесиў орнатыўды өз ишине алады.

Бул стратегиялық тараўда биринши ири жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық усыныслар таярланады.

Тәреплер жеке меншик бизнес басламаларын жедел қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.

Жетекшилер биргеликтеги Исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлестирилиўин қоллап-қуўатлады. Жаңа басламаларды ислеп шығыў ушын жақында оның биринши мәжилисин өткериў режелестирилген.

Сапар даўамында ҳаўа ҳәм халықаралық автомобиль байланысы бойынша келисимлерге қол қойылды, бул еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў ҳәм исбилерменлик алмасыўларды жеделлестириў ушын беккем тийкар жаратады.

Транспорт министрлерине жүк тасыў қәрежетлерин азайтыў бойынша усыныслар таярлаў тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда экономиканы инновациялық раўажландырыў, нызам үстинлиги ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм ЖСШға қосылыў процесин жеделлестириўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев монголиялы исбилерменлерге елимизде олар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға таяр екенин айтты.

Өз гезегинде, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух ерисилген келисимлер ҳәм Өзбекстанда инвесторлар ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалап, бизнес ўәкиллерин жедел бирге ислесиўге ҳәм жаңа жойбарлар бойынша анық келисимлерге ерисиўге шақырды.

Пикир алысыў ўақтында Монголия исбилерменлери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий әҳмийетин ҳәм мәмлекетте жаратылып атырған қолайлы инвестициялық ҳәм бизнес орталығын жоқары баҳалады.

Экономиканың тийкарғы тармақларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық усыныслар берилди.

Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Монголия сөйлесиўлери жуўмақланғаннан кейин, Көксарай резиденциясында терек егиў мәресими болып өтти.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Ухнаагийн Хурэлсух халықларымыз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў, еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашыўға болған өз-ара умтылыс белгиси сыпатында Ҳүрметли мийманлар қыябанында терек екти.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух биргеликте Ташкент қаласындағы Технопаркке барды.

Бул заманагөй инновациялық комплекс мәмлекетимиз басшысының басламасы менен санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў мақсетинде қурылған.

Бүгинги күнде бул жерде 365 миллион доллардан аслам тиккелей инвестициялар есабынан 16 өндирис майданы жайласқан.

Монголия Президентине Технопарк кәрханаларында ислеп шығарылып атырған кең түрдеги жоқары технологиялық өнимлер, соның ишинде, турмыслық техника, электрон есаплағышлар, лифтлер, суў насослары, санаат кондиционерлери, суўытыў үскенелери ҳәм басқалар таныстырылды.

Жетекши сырт елли брендлер астында ҳәм олардың қадағалаўында ислеп шығарылып атырған бул товарлар ишки ҳәм сыртқы базарларда үлкен талапқа ийе екенин атап өтиў керек.

Президентлер еки мәмлекет жетекши кәрханалары арасында кооперацияны кеңейтиў ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында мәмлекетлик сапар менен елимизде болып турған Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух пенен ушырасыў болып өтти.

Президент Ухнаагийн Хурэлсух Монголияның Ташкент қаласындағы биринши елшиханасының рәсмий ашылыў мәресиминде де қатнасты.

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың елимизге мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары