Литваның Вильнюс қаласында Transparency International халықаралық шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген XXI халықаралық конткоррупция әнжуманы болып өтти.

Онда Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорының орынбасары Умида Тухташева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнасты. Буған қатнасыў БМШ Раўажланыў бағдарламасы жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, халықаралық контркоррупция әнжуманы ҳәр еки жылда шөлкемлестириледи. Бул әнжуманға пүткил дүньядан мәмлекетлик уйымлар, халықаралық ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер шақырылып, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша тәжрийбе алмасыў ҳәм инновациялық жаңалықларды ислеп шығыў сыяқлы мәселелер көрип шығылады.

140 тан аслам мәмлекеттен жуўапкер шахслар, белсендилер, журналистлер, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм исбилермен топары ўәкиллерин бирлестирген быйылғы конференция «Глобал күшлерге қарсы турыў: ҳадаллықты қоллап-қуўатлаў» темасында шөлкемлестирилди.

Илажда Латвия Президенти Гитанас Науседа, Transparency International халықаралық шөлкеми кеңес баслығы Руэбен Лифука, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми Бас хаткери Матиас Корманн, сондай-ақ, БМШ, Европа Кеңеси ҳәм басқа халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Әнжуман шеңберинде Өзбекстан делегациясының Литва Республикасы Арнаўлы тергеў хызмети баслығы менен еки тәреплеме ушырасыўы шөлкемлестирилди. Онда еки мәмлекет контркоррупция уйымлары арасында шериклик байланысларын жолға қойыў ҳәм турақлы тәжирийбе алмасыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, конференция даўамында Transparency International, Opendata Charter, Ашық ҳүкимет шериклиги, БМШ Нәшебентлик өнимлер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы сыяқлы халықаралық шөлкемлер ҳәм Грузия ҳәм Қазақстан контркоррупция уйымлары менен ишки ушырасыўлар өткерилди.

Өз ара байланыслардан кейин бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди.

Атап айтқанда, БМШ Нәшебентлик өнимлер ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы менен БМШ Коррупцияға қарсы конвенциясы 2-басқыш обзорының жаңа дәрежесине өтиў, усы процесс ушын стилистикалық платформа жаратыў, онда мәмлекетлик емес ролди күшейтиў, сондай-ақ, Ташкент контркоррупция форумының тийкарғы додалаўларын усы мәселеге қаратыў, Ашық ҳүкимет шериклиги халықаралық шөлкеми менен Өзбекстанның усы структураға ағза болыўы ҳәм ашықлықты тәмийинлеўде бирге ислеседи.

Сондай-ақ, Transparency International шөлкеми менен өз-ара байланысларды жолға қойыў ҳәм мәмлекетте шөлкемниң бөлимин шөлкемлестириў перспективаллары бойынша пикир алысты. Қазақстан Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен регионаллық платформа шеңбериндеги бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм платформа шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар көлеми кеңейтилди.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзА хабаршысы