Корея Республикасында Мәмлекетлик хызметлер бойынша БМШ Глобаллық форумы болып өтпекте. Онда Өзбекстан делегациясы, соның ишинде, Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң жуўапкер хызметкерлери де қатнаспақта.

БМШ Халықаралық форумы 2003-жылдан берли ҳәр жылы өткерип келинеди. Форум шеңберинде БМШтың мәмлекетлик хызмет ушын абырайлы халықаралық сыйлығы (UNPSA) ҳәр еки жылда бир рет бериледи. Ҳәзирги шекем сыйлық 82 мәмлекетке 250 ден аслам баслама ушын тапсырылған.

Форумның мақсети – мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, қәбилетлилерди мәмлекетлик хызметке тартыў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде санластырыў имканиятларынан пайдаланыў тараўында алдынғы тәжирийбе, идеялар ҳәм инновациялар алмасыўы ушын жоқары дәрежедеги глобаллық платформа жаратыўдан ибарат.

Мағлыўмат ушын, 2025-жыл 24-26-июнь күнлери Мәмлекетлик хызметлер бойынша БМШ Глобаллық форумы Самарқанд қаласында болып өтетуғыны белгиленген. Оған дүньяның түрли мәмлекетлеринен 450 ге шекем қатнасыўшыны тартыў режелестирилген.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы