Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2024-2025-оқыў жылы ушын қабыллаў жуўмағына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажды университеттиң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин университеттиң қабыллаў комиссиясының баслығы С.Сулайманов, жәмийетшилик пенен ислесиў («Call-center») топарының баслығы М.Тилеўмуратовлар Президентимиздиң усы жыл 24-ма йдағы “Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының мазмун-мәниси, ондағы енгизилип атырған өзгерислер, соның менен бирге университеттеги қабыллаў процеси туўралы толық мағлыўмат берилди.

Илаж соңында қалаба хабар қураларының ўәкиллери ҳәм блогерлер жоқары билимлендириў шөлкемлерине қабыллаўға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Сондай-ақ. 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар тараў пидайыларына естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги