-Мине бес жылға шамаласты. Еле өзгерис жоқ. Баласын да гүзде «жатқарыўымыз» керек. Оны ойлап атырған қуда-қудағай, яки қүйеў бала жоқ. «Өлген қызын аппаратқа салып қыйнап қойыпты. Баламның да жолын байлап отыр. Балама үйлен десек яқ жақсы болып кетеди, еле өзине келеди деп тыңламай атыр»,-депти кешегиде қудағай қоңсыларына. Бизлер не оның жолын байлап отырмызба. Ҳаў қашшан айттықғой үйлене бер деп,-деди азанғы шайдың дастурханын жыйнап атырған Гүлайда ғаррысы Бекберген ағаға қамсығып.

-Не қылайын енди, төрт жылдан берли еки дүньяның әўереси болып  жатырған қызымды бағыў, оның бир аўҳалда жатысын көриў маған да аңсат емес.

–Яқшы шыдамлы бол кемпир. Бул сынақлардың да қайырлы күнлери бар шығар. Әйтеўир қызы да қолға илинип қалды. Қудағайдың да кемиси жоқ. Күйеў бала да тез-тез келип хабар алып тур. Буннан артық не керек…

Нуржамал әке үйинен сән-салтанат пенен узатылып кетти. Миллий кийимде кийинген болажақ өмирлик жолдасын аппақ машинада алып кетип баратырған суқсырдай күйеў бала да көпшиликтиң нәзерин тартып, журт оларға таңланысып қарасты. Бир-бирине кеўил қойысып, бахытлы күнлер менен басланып атырған бул турмыстың  соңынан  аянышлы жуўмақланыўын ҳеш ким де қыялына келтирмеген еди…

Қуда-қудағайлар да татыў болып қатнасты. Нуржамал келин болып түскеннен соң бир жыл өтип қызлы болды. Ата-енеси бир қызым екеў болды деп  ел-халыққа шашыў берди. Ахмет те қызлы болғанына қуўанып, жумыс бабы менен Ташкентте жүрген жеринен асыға үйине қайтып келди. Қызы өсип атыр, өзин қәдирлейтуғын сүйикли қостары  қасында, ата-енесине диңкилдеп жүрип хызмет ететуғын Нуржамалдан бахытлы адам жоқ еди дүньяда. Таза имарат та тиклеп атыр.

Қызы бир жастан өткенинде  енеси өзим бағаман дегеннен соң Нуржамал мектептеги муғаллимшилик жумысын даўам етти. Бир күни ол жумыстан түскин кейпиятта қайтты.

-Достым Гүлперизаның қайтыс болғанына еле бир жыл да болмады. Шыдамсыз биймеҳир күйеўи үйленипти,-деди ол ишиндеги дебдиўин шығарып.

-Ўайбуў баласына қыйын болған екен. Енди өгей ананың қолында қалатуғын  болды. Орынбай неге асыға қойды екен. Ҳеш болмаса келиншегиниң жылын күтсе болады ғо. Қалай кеўли барды екен. Гүлперизаны қатты жақсы көретуғын еди. Ҳақыйқатында да бийреҳим екен,-деди Ахмет Нуржамалдың сөзин мақуллап.

-Ҳәй-йй, еркек затының болары солғой. Ҳаялының топырағы суўымай атырып-ақ, үйлениўди ойлайды. Ҳеш болмаса өлиниң ҳүрейин сыйламайды. Базылары бар, ҳаялы наўқасланып узақ ўақыт төсекке жатып қалса да үйлениўдиң әнжамына кириседи. Сондайлардан сақлағай. Еки ортада балларына қыйын. Қудай көрсетпесин-аў, егер маған бир нәрсе болып қалса сен не ислер едиң Ахмет.

-Келиспейтуғын сөзлерди айтып не қылып отырсаң Нуржамал, қаяқтағыны шығарып. Я мени сынағың келеме? Алла бизлерди бир-биримизден айырмағай илая. Бизлер өмиримиздиң ақырына шекем бирге болып, балаларымыздың бахытлы күнлерин бирге көремиз. Егер бир ис болған жағдайда да мен бир өмир саған садық қалып, дүньядан жалғыз өтемен,-деди Ахмет ашыўға буўлығып келиншегине қарай.

-Ойнап айттым-аў Ахмет. Мени кешир, сени не дер екен деп едим. Мени жақсы көретуғыныңды билемен,-деди ол күйеўине күлимсиреп қарап.

Еки жылдан соң Нуржамал және екинши перзентине ҳәмиледар болып, декрет отпускасына шықты. Ай, күни шамаласқан сайын аяқлары гүптей болып исип, қыймылдаўы қыйынласты. Бирақ, жайда уста бар, олардың аўқатларын ким асады, жай питип қалсын деп өзине немқурайды қарады. Барлық аўырманлықты енесиниң мойнына таслағысы келмеди. Бир күни толғақ басланып, туўыў үйине кетти. «Еле ўақыт бар едиғой, не болды екен. Көп қыймылдап, аўыр жумысларды ислей бергеннен соң усындай аўҳалға түстимбе?,-дейди ол өзине-өзи сораў берип. Оның изинше енеси менен анасы да жетип келди. Толғақ узақ ўақытқа шекем созылып кетти. Еле туўылатуғын бала жоқ. Үйиндегилер бириншисин өзи туўды деп көп ўақыт шекем операцияға рухсат бермеди. Ақыры илажы болмағаннан соң операцияға қайылшылық билдирди. Бир истиң болатуғынын сезгендей операция залына кирип баратырып ол қызының қолын қатты қысып, жибергиси келмеди. Күйеўине  де бир нәрселер демекши болды, бирақ ҳеш нәрсе айта алмады. Соңғы минутларда оның илажы да болмады.

Операция узақ ўақыт даўам етти. Шыпакерлердиң айтыўы бойынша бала киндигине оратылып қалғанлығы себепли операция ислеўге мәжбүр болған екен. Бир ўақытлары шыпакерлер операция ханасынан шықты. Еки саатқа шекем тилегинде болып жақсы хабар күтип турған Нуржамалдың жақынлары шыпакерге үмитли нәзерлери менен қарады.

-Ал, солдат қутлы болсын,-деди шыпакер оларға қарап.

-Рахмет, доктор. Берекет табың. Қызымның жағдайы қалай? Баласы ше?,-деди сораўлы нәзери менен Нуржамалдың анасы шыпакерге.

-Қызыңыз еле наркоз тәсиринен шыққаны жоқ. Өзине келгеннен соң реанимацияға алады. Баласы жақсы. Оны көрсеңиз болады. Ал қызыңызды наркоздан оянғаннан соң көресиз. Шыпакер солай деди де кабинетине қарай кетти.  Нуржамалдың анасы менен енеси де, Ахмет те қуўанғанынан арқайынласып, бири-бирин қутлықлады. Үйлерине қоңыраў етип жақынларына хош хабарды жеткерди. Ахмет болса жораларына солдатлы болғанын «жуўып» кетти…

Арадан еки , үш, бес саат өтти. Бирақ Нуржамал наркоздан оянбады. Таң атты.  Оянбады. Шыпакерлер қолларынан не келсе ислеп атыр, лекин пайдасы болмады. Еки, үш күн өтти, бирақ, өзине еле келетуғын Нуржамал жоқ. Сол уйқыда жатқандай дем алып, ҳеш нәрседен хабарсыз жата берди. Бул жағдайдан не ислерин билмеген ата-анасы бармаған шыпакери, хабарласпаған жери қалмады. «Наркоз көбирек берилип кеткен болса керек. Бундай жағдайлар сийрек ушырасады. Күтейик, бар үмит Алладан. Қудақәлесе оянып өзине келеди»,-деди шыпакерлер.

Мине, Нуржамалдың жанландырыў бөлиминде ес-түссиз жатырғанына да бир айдан асты. Баласын анасы бағып атыр. Жаңа туўылған нәрестени бағыў аңсат емес. Арасында қудағайы келип қарасады. Ҳәр күни туўыў үйинен хабар алады. Лекин, өзгерис жоқ. Енди болса шыпакерлер «қызыңыздың бурын талма кесели жоқпа еди? Басында кеселлик жоқпа еди? Бурын менингит болып аўырмады ма?,-деп өзлерин ақлап,  басларын ашықлап алыўға қарады. «Ҳаў ҳеш қандай кеселлиги жоқ. Сизлердиң не деп турғаныңыз бул. Қызымызды шала жансар етип, айтып турған гәпиңизге қараң,-деп ата-анасы шыпакерлер менен қанша айтысып дереклескени менен ҳеш қандай нәтийже болмады. Көп айтысып, тийисли орынларға мүражат еткеннен соң анестизиологқа ескертиў берип, шара көрилген болды. Басқа ҳеш бир шыпакерге тийисли шара көрилмеди. Усы жатыстан Нуржамал жанландырыў бөлиминде үш ай жаты. Өзине келмегеннен соң шыпакерлер оны үйине алып кетиўи ушын рухсат берди. Өзлеримиз қараймыз деген енесине Нуржамалдың анасы «қудағай қызым қасымда болсын.  Өзи еки улдың арасындағы жалғыз қыз еди. Оны уўайымлап көзлериме уйқы келмес. Больницада жатқанында жанында болып қарастың. Енди өзим қарайын»,-деди қамсығып.

Күнлер өтип атыр. Нуржамалдың уйқыға кеткенине де төрт жылдан асты. Соннан берли төрт рет мәўсим өзгерип, талай таңлар атып, талай  күнлер батып атыр. Ҳәр күни бирдей жағдай, бирдей көринис. Тамырына жалғап қойылған үскенеден оған азық болатуғын дәрилер жибериледи. Анасы пақыр тез-тезден кийимлерин алмастырып, ханаға таза ҳаўа киргизип шамаллатып турады. Стол үстине жаңа үзилген гүллерден әкелип қояды. Базыда тилсуқ урдымекен деп әдираспан түтетеди. Ана пақыр қолынан не келсе соны ислеп атыр. Лекин, оннан ҳеш қандай саза жоқ. Өзгерис жоқ. Базыда шөптей болып азып қалған бармақларын қыймылдатады. Оны көрген ата-анасы ушын сол күни үлкен қуўаныш. Көз алдыларында гүлдей солып, шөптей болып азып баратырған қызын көриў де олар ушын аңсат емес. Анасы да денсаўлығынан бираз  айырылды. «Қызым оянып, өзине келеғойса. Анажан деген бир аўыз сөзин еситсем, соң аманатымды тапсырсам әрманым жоқ»,-дейди ол ишиндеги дебдиўлерин шығарып. Әкесине де аңсат болмады, қызының бундай аўҳалға түскени жүрегин қурттай кемирип, дәрти ишине түсти. Ишине салып қайғырады, бирақ илажы жоқ. Оннан қала берсе қуда-қудағайы да, күйеў баласы да хабар алыўды сийреклетти. Бурын дәри-дәрмақтан жәрдем берип туратуғын Ахмет енди арасында баласын көрип кетип турғаны болмаса Нуржамалдың жағдайы менен қызықсынғанды қойды.

Бир турыста жатырған Нуржамалдың арқаларын «жатақ жара» басып кетти. Анасы мийирбийкени шақыртып дәри жақтыртып атырғанында қоңсысы бир хабар айтып келди. Оның айтыўы бойынша күйеў баласы Ахмет үйленген екен.

-Үйленеғойсын. Қолымыздан не келеди. Тек мына қызымызға обал болды. Бизлердиң тилегимиз қызымыз өзине келип, тәўир болып улы-қызына ийелик етсе болды,-деди ана пақыр аўыр гүрсинип. Тап усы хабарды еситкендей усы ўақытта Нуржамал бармақларын қыймылдатып қойды. Бирақ оны ҳешким аңламады.

Бириниң изинен бири қуўып өтип атырған күнлер кимлерге өмир инам етсе, килергедур бахыт, және кимлерге жоғалтыўлары менен из қалдырады. Уйқыда бес жылдан аслам ўақыттан берли бир турыста жатырған Нуржамалдың ояныўынан еле дерек жоқ.

-Естиўиме қарағанда кома ҳалаты биреўлерге он жыллап ал базыларда өмирлик даўам етер екен. Оянбай кететуғынлар да ушырасатуғын қусайды,-деди Нуржамалдың иниси бир күни дастурхан әтирапында отырған ата-анасына.

-Қой балам ондай деме қаяқтағыларды айтып. Бизиң Нуржамал күшли қыз. Еле көресең ол жақында өзине келеди. Буны сезип жүрмен,-деди анасы көз жасларын сыпырап.

Бүгин Нуржамалдың үйинде өзгеше күн. Ата-анасы ақлығын сүннет еттирип, өзлериниң   парызын өтеп атыр. Үкесиниң хош хабарын айтайын деп  қасына барған екинши класс қызы Меҳрибан анасының қасында өзинше сөйленип, бираз отырды. Бир ўақытлары не көз бенен көрсин, анасы қыймылдай баслады. Ыңырсып бир нәрселер деди. Буны көрип қорқып кеткен ол сыртқа қарай жуўыра шықты.

-Апа, апа, мамам оянды.

– Мамам оянды дейме,- анасы ақлығының мына сөзинен албырап не дерин билмей қалды. Тек ғана шай ишип отырған кесесин стол үстине дүрс еттирип қойды да ишки бөлмеге қарай жуўырды.

Нуржамал көп нәрселерди еслей алмады. Тек ғана биринши сорағаны «балам қалай, аманба. Маған емизиўге бермейсиз бе? Мен неге буншелли азып қалғанман. Маған не болды»,деген сораўлар менен ҳәр кимге термилип қарады. Ҳәммеден сораўларына жуўап күтеди.

Ата-анасы дәрҳал шыпакер шықырды. «Қызыңыз узақ ўақыт даўам еткен кома ҳалатынан шықты. Ол қатты шаршаған. Өзине келиўи ушын ўақыт керек. Ол комаға түскен ўақыттағы еслеўлер менен қалған. Оған ҳәтте арадан бес жылдан аслам ўақыт өткенин, аралықтағы ўақыяларды да айтпай турғаныңыз мақул. Бул хабарларды өзлестириўге мийи еле таяр емес»,-деген шыпакердиң гәпинен соң қызы менен жағдайына қарап сөйлесе баслады.

-Апа, маған не болды,-деди ол ертесине орнынан турмақшы болып. Сиз неге буншелли қартайып қалғансыз? Ағам да сондай. Ахмет қаяқта? Балам ше? Кеше мени операция ислеп еди ғо. Баламды бөлек сақлап атырма?,–деген үзликсиз сораўлардан соң анасы шыдамастан оған ҳақыйқатты айтты.

-Мине сениң балаң. Көрип турғаныңдай үлкен жигит болды. Атын сени тәўир болып кетсин деген үмитте  Үмитжан деп қойдық.

Дайыларының көйлегин кийип алған Үмитжан оған жақынлап келди де лекин жатырқап, кемпир апасына қарай шегинди. Нуржамал ҳәлсиз қоллары менен баласының басынан сыйпап «балам еле бәри жақсы болып кетеди»,-деди оны  қушағына тартып.

Арадан ўақыт өтип атыр. Нуржамал әсте тәўир болып аяққа турып киятыр. Ўақыт барлық нәрсеге даўа болады деймиз базыда. Лекин кимлердиңдур  қәтеси менен кеўилсизликлерге алып келетуғын жағдайларға ўақыт да даўа бола алмайтуғынлығын көремиз. Биз сөз еткен ўақыяда Нуржамал айырым шыпакерлердиң қәтешилиги себепли денсаўлығынан, бахтынан айырылды. Лекин бул жыллар оған өмирлик жолдасының опасын сынаўы ушын жетерли болды.

Гүлнара Турдышова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги