Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Балалар қорыныӊ (UNICEF) Өзбекстандағы ўәкилханасыныӊ басшысы Регина Мария Кастижио менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда UNICEF ҳәм Агентлик арасындағы ағымдағы ҳәм перспективадағы бирге ислесиў жойбарлары додаланды.

UNICEF Социаллық қорғаў миллий агентлиги жумысын жоқары баҳалады. Агентлик шөлкемлестирилгенинен берли оны турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаны, билим, халықаралық тәжирийбе, техникалық жәрдем ҳәм қәнигелерди тартыўдағы ҳәрекетлери атап өтилди.

Социаллық хызметлер көрсетиўде кейс-менеджмент системасын енгизиў бойынша табыслы басламаға, сондай-ақ, социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниӊ маманлығын арттырыўға қаратылған илажлардыӊ көлемин кеӊейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Балалар ушын социаллық хызметлер көрсетиўдиӊ бир пүтин системасын жаратыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер келешекте нәтийжели бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге исеним билдирди.

Муҳайё Тошқораева,  ӨзА