Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен мәмлекетимизде болып турған Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух 25-июнь күни Хорезм ўәлаятына келди.

Еки мәмлекет байрақлары менен безелген Үргенш халықаралық аэропортында Монголия басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов, Хорезм ўәлаяты ҳәкими Жўрабек Раҳимов ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух дәслеп Хийўа қаласындағы Нуриллабой сарайында болды. Бул сарай XX әсирдиң басларында қурылған, медресе, 100 ден аслам хана, галереялардан ибарат тарийхый комплекс болып есапланады. Сарай ханаларын безеўде тек ғана хийўалы шебер усталар емес, ал сырт елли художник-декораторлар да қатнасқан, олар сарайдың шығысқа тән Европаның модерн усылын сиңдирген. Ханалардың ишки көриниси, бөренелери, Венеция айналары ҳәм алтын суўы жалатылған қоладан исленген, биллур илгекли люстралары менен ажыралып турады.

Монголия басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасына сарай тарийхы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Тарийхый комплекс 2017-жылы Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасы бойынша реконструкцияланып, реставрацияланған.

Комплекс жоқары мәртебели мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Соң Монголия Президенти басшылығындағы делегация Хийўа қаласындағы «Ичан қалъа» комплексин тамаша етти.

Ашық аспан астындағы музей деп аталған «Ичан қалъа» комплекси ЮНЕСКОның Жержүзилик мийрасы дизимине киргизилген. 26 гектар майданда 58 тарийхый-архитектуралық естелик жайласқан музей-қорықхананың жумыс баслағанына 104 жыл толды. 2020-жылы қала Түркий дүньяның мәдений пайтахты, 2024-жылы болса Ислам дүньясының туризм пайтахты, деп жәрияланды.

Бул жердеги әййемги естеликлер жергиликли ҳәм сырт ел туристлериниң итибарына ериспекте.

Жоқары мәртебели мийман сапар даўамында әййемги қаладағы Көк минара, Кўҳна арк сарайы, Паҳлавон Маҳмуд медресеси, Исломхўжа минары, Жума мешити, Тошҳовли комплекслерин тамаша етти.

Ичан қаланың әййемги көшелеринде мийманлар ҳүрметине фольклор ансамбльлериниң шығыўлары, театрластырылған тамашасы көрсетилди.

Делегация ўәкиллери музей-қорықхана хызметкерлери, туристлер, аймақта жумыс алып барып атырған өнерментлер менен сәўбетлести.

Хорезмниң тарийхы, илимниң раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққындағы мағлыўматлар, бай мәденияты ҳәм көркем-өнери мийнманларда жақсы тәсирлер қалдырды.

Тарийхый объектлерге саяхат жуўамқланғаннан кейин, жоқары мәртебели мийман ҳүрметине дастурхан жайылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтиң мәмлекетимизге сапары даўам етпекте.

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

ӨзА хабаршысы