Азияда бирге ислесиў қарым-қатнасы сыртқы ислер министрлери кеӊесиниӊ 19-мәжилиси шеӊберинде Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниӊ биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев басшылығындағы делегация Саудия Арабстаны Патшалығы сыртқы ислер министриниӊ орынбасары Валид бин Абдулкарим ал- Хорижий, Қатар Мәмлекети сыртқы ислер мәмлекетлик министри Султан бин Саад ал-Мухайрий, Ҳиндстан Республикасы сыртқы ислер министриниӊ орынбасары Шри Дамму Рави ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыртқы ислер бойынша мәмлекет министри Аҳмад бин Али Ал Савег пенен өз алдына ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўлерде Өзбекстан менен усы мәмлекетлер арасындағы сиясий, дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы еки тәреплеме қатнасықлардыӊ бүгинги жағдайы ҳәм оларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

Тәреплер сыртқы ислер министрликлери арасындағы байланысларды жеделлестириў, экономикалық дипломатияны жеделлестириў ҳәм регионлараралық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша бир қатар анық усынысларды көрип шықты, деп мағлыўмат береди сыртқы ислер министрлиги сайтында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги