Қарарға бола, Авлоний атындағы педагогларды кәсиплик раўажландырыў ҳәм жаӊа методикаларға үйретиў миллий-изертлеў институты тийкарында А.Авлоний  атындағы педагогикалық шеберлик миллий институты ҳәм оныӊ Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда педагогикалық шеберлик орайлары шөлкемлестириледи.

Бул быйылғы жылдыӊ 21-июнь күни қабыл етилген «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарында белгиленди.

Ҳүжжетке бола, Ташкент қалалық педагогларды жаӊа методикаларға үйретиў миллий орайы ҳәм Нызамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети қарамағындағы Республика педагогикалық билимлендириў ресурс орайы жумысы оларды Институтқа қосыў арқалы сапластырылады.

Институт структурасында Халықаралық изертлеўлер орайы шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, 2024-2025-оқыў жылынан баслап мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлериниӊ басшы, педагог ҳәм қәниге кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдыӊ бир пүтин системасы енгизиледи.

Онда: 

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниӊ директоры ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыў институты Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниӊ бойсыныўына өткериледи;

– мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниӊ педагог ҳәм қәниге кадрларын үзликсиз кәсиплик раўажландырыў бойынша «Виртуал кәсиплик раўажландырыў» электрон бағдарламасы енгизиледи.

ӨзА